1 «Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арнап ғәлле садақасын бермекши болса, сапалы бийдай унынан алып келсин. Оның үстине зәйтүн майын қуйып, хош ийисли шайыр қоссын ҳәм
2 садақаны Харонның уллары болған руўханийлерге апарсын. Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың барлығын алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
3 Ғәлле садақасының жандырылмаған бөлеги Харон ҳәм оның улларына тийисли. Бул бөлек Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан болғаны ушын, жүдә мухаддес.
4 Егер тандырда жабылған нанды ғәлле садақасы етип бермекши болсаңыз, онда сапалы уннан зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ямаса үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер әкелиўиңиз тийис.
5 Егер табада писирилген нанды садақа қылмақшы болсаңыз, онда оған ашытқы салмай, сапалы унға зәйтүн майын қосып ийлеп, писириң.
6 Оны усынған ўақтыңызда, бөлеклерге бөлиўиңиз ҳәм үстине зәйтүн майын қуйыўыңыз керек. Бул – ғәлле садақасы.
7 Егер садақаң қазанда писирилген болса, онда ол зәйтүн майы қосылған сапалы уннан таярланыўы тийис.
8 Усы тақылетте таярланған ғәлле садақасын Жаратқан Ийеге бериў ушын, руўханийге әкелиўиңиз керек. Ал руўханий оны қурбанлық орынға алып барады.
9 Кейин руўханий толық садақаның белгиси ретинде ғәлле садақаларынан бир бөлек алып, оны жандырылатуғын қурбанлық ҳәм Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын.
10 Ғәлле садақасының жандырылмаған бөлеги Харон ҳәм оның улларына тийисли. Бул бөлек Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан болғаны ушын, жүдә мухаддес.
11 Жаратқан Ийеге усынатуғын ғәлле садақаңыздың ҳеш бирине ашытқы салмаңлар. Өйткени ашытқыны да, палды да Жаратқан Ийеге сый қылып, түтетип жандырмаўыңыз керек.
12 Ашытқы салынған нан менен палды биринши зүрәәтиңиз сыпатында Жаратқан Ийеге усыныўыңызға болады. Бирақ олар Жаратқан Ийеге хош ийисли садақа ретинде қурбанлық орында усынылмаўы керек.
13 Ғәлле садақаңыздың ҳәр бирине дуз қосыңлар. Дуз Қудайдың сизлер менен дүзген келисимин билдиретуғын болғанлықтан, садақаларыңыз дузсыз болмасын.
14 Егер Жаратқан Ийеге дәслепки өнимнен ғәлле садақасын бермекши болсаңыз, онда дәслепки шыққан дәнди қуўырып, оны түйип алып келиң.
15 Бул ғәлле садақасы болғаны ушын, оның үстине зәйтүн майын қуйып, хош ийисли шайыр қосың.
16 Руўханий бираз түйилген дән менен зәйтүн майынан алып, оларға хош ийисли шайырдың ҳәммесин қосып, толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орында түтетип жандырсын. Бул – Жаратқан Ийеге арналған сый».