Лебийлилер 20 bob
1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Израиллылардан ямаса араңызда жасап атырған келгинди адамлардан биреўи баласын Молох қудайына қурбанлық қылса, ол сөзсиз өлтирилсин. Халық оны тас боран қылсын.
3 Ким де ким өз баласын Молохқа қурбанлық қылып, Мениң Мухаддес мәканымды ҳарамласа ҳәм мухаддес атыма тил тийгизсе, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан.
4 Егер бир адам баласын Молохқа қурбанлық қылса, буны елдеги халық көрмегенге салып, оны өлтирмесе,
5 Өзим сол адамға ҳәм оның хожалығына қарсы шығаман. Маған опасызлық қылған адамның өзин ҳәм оның изинен жүрип, Молохқа табынғанлардың ҳәммесин өз халқының арасынан жоқ қыламан.
6 Ким де ким әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларға хабарласып, Маған опасызлық қылса, Мен оған қарсы шығып, оны өз халқының арасынан жоқ қыламан.
7 Өзлериңизди Маған бағышлаңлар ҳәм мухаддес болыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
8 Мениң қағыйдаларыма әмел қылып, орынлап жүриңлер. Себеби сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен.
9 Анасын ямаса әкесин ғарғаған ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. Анасын ямаса әкесин ғарғағаны ушын, ол адамның қаны өз мойнында қалады.
10 Бир адам басқа биреўдиң ҳаялы менен бузықшылық қылса, онда ол адам да, ҳаял да сөзсиз өлтирилсин.
11 Әкесиниң ҳаялы менен жатқан адам әкесин шерменде қылған болады. Екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Олардың төгилген қаны өз мойнында қалады.
12 Егер бир адам өз келини менен жатса, екеўи де сөзсиз өлтирилсин. Себеби олар бузықлық қылған болады ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады.
13 Егер бир еркек адам ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатса, екеўи де жеркенишли ис қылған болады. Олар сөзсиз өлтирилсин ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады.
14 Егер бир адам қызына да, оның анасына да үйленсе, ол уятсыз ис қылған болады. Сизлердиң араңызда усындай уятсыз ҳәрекетлер болмаўы ушын, үшеўи де отқа жандырылсын.
15 Егер бир еркек ҳайўан менен жынысый қатнас ислесе, адам да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин.
16 Егер бир ҳаял жынысый қатнаста болыў ушын, бир ҳайўанға жақынласса, ҳаял да, ҳайўан да сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады.
17 Бир адам әкеси ямаса анасынан туўылған қарындасына үйленип, жынысый қатнас қылса, шерменделик болады. Олардың екеўи де халықтың көз алдында ашық түрде жоқ қылынсын. Ол адам өгей қарындасының намысына тийгени ушын, өз айыбының жазасын тартады.
18 Етеги келип жүрген ҳаял менен жатып, жынысый қатнаста болған адам оның етек кирин ашқан болады, ҳаял да буған шериклес есапланады. Екеўи де халықтың арасынан жоқ қылынсын.
19 Әкеңниң әжапа-қарындасы ямаса анаңның әжапа-сиңлиси менен жынысый қатнас қылма. Өйткени бул жақын қанласыңның намысы. Екеўиңиз де өз айыбыңыздың жазасын тартасызлар.
20 Әкесиниң аға-инисиниң ҳаялы менен жатқан адам олардың намысына тийген болады. Екеўи де гүналарының жазасын тартады ҳәм перзент көрмей, өлип кетеди.
21 Туўысқанының ҳаялына үйленген адам жеркенишли ис қылған болады. Ол туўысқанының намысына тийгени ушын, олар перзент көрмей өтеди.
22 Мениң барлық қағыйда ҳәм нызамларыма әмел қылып, оларды орынлаңлар. Сонда Мен сизлердиң жасаўыңыз ушын алып баратырған жер сизлерден кеўли айнып, қусып шығарып тасламайды.
23 Сизлердиң алдыңыздан қуўып шығаратуғын миллетлердиң үрп-әдетлери бойынша жасамаңлар. Себеби олар усы жаман әдетлердиң ҳәммесин ислеп киятыр. Сонлықтан Мен олардан жеркендим.
24 Сонда сизлер олардың жерлерине ийелик етесизлер. Сүт ҳәм пал ағып турған сол елди сизлерге мүлик етип беремен, деген едим. Сизлерди басқа миллетлерден ажыратып қойған Қудайыңыз Жаратқан Ийе – Мен боламан.
25 Сизлер ҳадал ҳәм ҳарам саналған ҳайўанлар менен қусларды ажыратыўыңыз керек. Сизлерге ҳарам деп айтқан ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшыларды жеп, өзлериңизди ҳарамламаңлар.
26 Мениң алдымда мухаддес болыңлар, өйткени Жаратқан Ийе болған Мен – мухаддеспен. Маған тийисли болыўыңыз ушын, сизлерди басқа халықлардан ажыратып алдым.
27 Әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғын еркек те, ҳаял да тас боран қылынып, сөзсиз өлтирилсин. Олардың қаны өз мойнында қалады».