Лебийлилер 21 bob

1 Руўханийлерге тийисли нызамлар

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонның уллары болған руўханийлерге былай деп айт: «Руўханийлердиң ҳеш бири өз ағайинлериниң арасындағы бир марҳумға жантасып, өзин ҳарамламасын.
2 Ал егер де марҳум өзиниң жақын туўғаны: анасы, әкеси, улы, қызы, аға-иниси ямаса
3 үйиндеги турмысқа шықпаған әжапа-қарындасы болса, онда оның өлигине жантасып, өзин ҳарамлаўы мүмкин.
4 Бирақ қәйин журты тәрепинен биреў қайтыс болса, сол себепли өзин ҳарамламасын.
5 Руўханийлер аза тутқанда шашын қырдырып, сақалларының ушларын қырқтырмасын ҳәм денелерин тилип жарақатламасын.
6 Олар Қудайы ушын мухаддес болсын, Қудайының атына тил тийгизбесин. Олар Жаратқан Ийеге арналған, яғный Қудайына аўқат сыпатында берилген сыйларды усынғаны ушын мухаддес болсын.
7 Руўханийлер бузық ямаса зорланған ҳаялларға ҳәм ажырасқан ҳаялларға үйленбеўи тийис. Себеби руўханий Қудай ушын мухаддес.
8 Қудайыңызға аўқат сыпатында берилген сыйларды усынатуғын руўханийлер болғанлықтан, сизлер де оларды мухаддес санап, ҳүрмет қылың. Ол сизлер ушын мухаддес. Өйткени Мен сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийе – мухаддеспен.
9 Егер бир руўханийдиң қызы бузықлық қылып, өзин ҳарамласа, онда ол өзин де, әкесин де ҳарамлаған болады. Ондай қыз отқа жандырып жиберилсин.
10 Басына майлаў майы қуйылып, руўханийлик кийимлерди кийиўге тайынланған ҳәм басқа руўханийлерден уллы болған бас руўханий аза тутып, шашларын жайып жүрмесин ҳәм кийимлерин жыртпасын.
11 Ол ҳеш қандай өлиге жақынласпасын, ҳәттеки қайтыс болған әкеси, я анасы болса да, өзин ҳарамламасын.
12 Аза тутыў ушын, ол Мухаддес шатырдағы хызметин қалдырмасын, Қудайдың Мухаддес шатырын ҳарамламасын. Себеби майланған руўханий Қудайына бағышланған. Мен – Жаратқан Ийемен.
13 Бас руўханий тек ғана пәк қызға үйленсин.
14 Ол жесир, күйеўинен ажырасқан, зорланған ямаса бузық ҳаялға үйленбесин. Тек ғана өз халқынан болған пәк қызға үйленсин.
15 Солай етип, ол мухаддес әўладын ҳарам болыўдан сақласын. Мен оны Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылған Жаратқан Ийемен».
16 Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
17 – Харонға былай деп айт: «Келешекте әўладыңнан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам аўқат сыпатында берилетуғын сыйды усыныў ушын Қудайына жақынламасын.
18 Денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам қурбанлық орынға жақынламасын: соқыр, ақсақ, майып, сықылсыз,
19 аяғы ямаса қолы сынық,
20 бүкир, иргежейли, көзинде кемшилиги бар, қышыма жарасы бар, қотыр ҳәм жынысый қос туқым бези езилген адам.
21 Руўханий Харонның урпағынан денесинде кемшилиги бар ҳеш бир адам Жаратқан Ийениң аўқатын, яғный Оған арналған сыйларды усыныў ушын қурбанлық орынға жақынламасын.
22 Деген менен, ол адам Қудайына усынылған мухаддес ҳәм ең мухаддес аўқаттан жеўине болады.
23 Бирақ ол Мухаддес бөлмедеги пердеге ҳәм қурбанлық орынға жақынламасын. Себеби оның денесинде кемшилиги бар. Ол мухаддес затларға жақынлап, оларды ҳарамламасын. Мен оларды Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылатуғын Жаратқан Ийемен».
24 Муўса Харон менен улларына ҳәм пүткил Израил халқына усыларды жәриялады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.