1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын байрамларым, Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар болады:
3 Алты күн жумыс ислеңлер. Бирақ жетинши күн сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни ҳәм мухаддес жыйналыс күни болады. Ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. Қайсы жерде жасасаңыз да, Шаббат күнин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар+
4 Белгиленген ўақытта мухаддес жыйналыс деп жәрия қылатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар мыналар:
5 Биринши айдың он төртинши күни кеште Жаратқан Ийеге арналған Қутқарылыў байрамын байрамлаңлар.
6 Он бесинши күни Жаратқан Ийеге арналған Ашытқысыз нан байрамы болсын. Солай етип, жети күн ашытқысыз нан жеңлер.
7 Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс болсын. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
8 Жети күн даўамында Жаратқан Ийе ушын қурбанлық бериңлер. Жетинши күни мухаддес жыйналыс болсын. Күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер».
9 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
10 – Израил халқына былай деп айт: «Сизлерге беретуғын елге кирип, арпа зүрәәтин жыйнағаныңызда, жыйнаған зүрәәтиңиздиң биринши баўын руўханийге әкелип бериң.
11 Қабыл етилиўи ушын, Шаббат күнинен кейинги күни руўханий баўды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
12 Баў жоқары көтерип усынылған күни Жаратқан Ийеге бир жасар минсиз еркек тоқлы жандырылатуғын қурбанлық етип усының.
13 Тоқлы менен бирге ғәлле садақасы қылып, зәйтүн майы араластырылған бир эфа сапалы унның оннан екисин берсин. Бул – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге ишимлик садақасы етип, бир ҳин шараптың төрттен бирин усының.
14 Қудайыңызға усы садақаны алып келетуғын күнге дейин нан, қуўырмаш ҳәм жаңа пискен дән жемеңлер. Қай жерде жасасаңыз да, бул әўладлар даўамында сизлерге мәңги қағыйда болсын.
15 Шаббат күнинен кейинги баўды жоқары көтерип усынған күннен баслап, жети ҳәпте санаң.
16 Жетинши Шаббаттан кейин, елиўинши күн басланғанда, Жаратқан Ийеге таза бийдай зүрәәтинен садақа әкелиң.
17 Жасап атырған жериңизден Жаратқан Ийеге жоқары көтерип усынылатуғын садақа етип, еки нан алып келиң. Нанлар биринши зүрәәтиңизден болып, оннан еки эфа сапалы уннан ашытқы салынып жаўылсын ҳәм буны Жаратқан Ийеге усының.
18 Нан менен бирге жандырылатуғын қурбанлық ушын, Жаратқан Ийеге бир жасардан болған минсиз жети еркек тоқлы, бир буға ҳәм еки қошқарды алып келиң. Ғәлле ҳәм ишимлик садақасы менен усынылатуғын бул қурбанлық Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
19 Гүна қурбанлығына бир теке, татыўлық қурбанлығына бир жасардан еки тоқлы алып келиңлер.
20 Руўханий еки тоқлыны биринши бийдай зүрәәтинен жабылған нан менен бирге, Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын. Жаратқан Ийеге бағышланып, мухаддес болған бул қурбанлықлар руўханийлерге тийисли.
21 Сол күнди мухаддес жыйналыс деп жәриялаңлар ҳәм күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын.
22 Жериңиздеги егинлерди жыйнағаныңызда, атызыңыздың шетине дейин орып алмаң. Түсип қалған масақларды жыйнап алмаң. Оларды жарлыларға ҳәм келгинди адамларға қалдырыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
23 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
24 – Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың биринши күни дем алыс күни болсын. Сол күни кәрнай шертилип, еслеў күни белгиленсин ҳәм мухаддес жыйналыс өткерилсин.
25 Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер, Жаратқан Ийеге қурбанлықлар усыныңлар».
26 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
27 – Жетинши айдың оныншы күни Гүнадан пәклениў күни. Сол күни мухаддес жыйналыс болсын ҳәм ораза тутып, Жаратқан Ийеге сый усыныңлар.
28 Сол күни ҳеш қандай жумыс ислемеңлер. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында гүналарыңыздан пәкленетуғын күниңиз болады.
29 Сол күни ораза тутпаған ҳәр бир адам өз халқы арасынан жоқ қылынады.
30 Сол күни қандай да бир жумыс ислеген адамды өз халқы арасынан жоқ етемен.
31 Ҳеш қандай жумыс ислемең. Бул жасап атырған ҳәр бир жериңизде әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.
32 Сол күни сизлер ушын толық дем алатуғын Шаббат күни болып, ораза тутыңлар. Айдың тоғызыншы күниниң кешинен баслап, ертеңги кешке дейин Шаббат күнин белгилеңлер.
33 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
34 – Израил халқына былай деп айт: «Жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап, Қос байрамын белгилеңлер.
35 Байрамның биринши күни мухаддес жыйналыс өткериңлер. Сол күни күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
36 Жети күн даўамында күнине бир мәрте Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. Сегизинши күни де мухаддес жыйналыс өткериң ҳәм Жаратқан Ийеге сый усыныңлар. Бул салтанатлы жыйналыс болады. Күнделикли жумысларыңызды ислемеңлер.
37 Мухаддес жыйналыс деп жәрия қылынатуғын Жаратқан Ийеге арналған байрамлар усылар болады. Байрамларда Жаратқан Ийеге арналған сыйларды, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын, басқа қурбанлықларды ҳәм ишимлик садақаларын белгиленген өз күнлеринде алып келиңлер.
38 Булар Жаратқан Ийениң Шаббатынан, Жаратқан Ийеге арнап алып келетуғын сыйларыңыздан, ўәде ҳәм ықтыярлы қурбанлықларыңыздан тысқары болсын.
39 Жерлериңиздиң зүрәәтлерин жыйнап болған ўақтыңызда, жетинши айдың он бесинши күнинен баслап, жети күн даўамында Жаратқан Ийеге арнап Қос байрамын өткизиң. Байрамның биринши ҳәм сегизинши күни дем алыс күни болсын.
40 Биринши күни мийўе ағашларыңыздың ең жақсы мийўелерин, пальма ағашының жапырақларын, мол жапырақлы теректиң талларын, дәрья бойында өсетуғын таллардың шақаларын жыйнап, Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында жети күн даўамында шадланыңлар.
41 Буны ҳәр жылы жети күн даўамында Жаратқан Ийениң байрамы етип белгилеңлер. Жылдың жетинши айында белгиленетуғын усы байрам әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болып қалсын.
42 Жети күн даўамында қоста жасаңлар. Ҳәр бир жергиликли израиллы қосларда жасасын.
43 Сонда келешек әўладларыңыз Израил халқын Мысырдан алып шыққан ўақтымда, олардың қосларда жасағанын билип алады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
44 Усылай етип, Муўса Израил халқына Жаратқан Ийеге арналған байрамларын жәриялады.