Лебийлилер 24 bob

1 Жаратқан Ийениң алдында жанып туратуғын шыралар. 5 Жаратқан Ийеге арналған ғәлле садақасы. 10 Қудайға тил тийгизгенниң ақыбети

 

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына буйрық бер, олар шыралардың ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, сапалы зәйтүн майынан алып келсин.
3 Харон Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында шыралардың кештен таңға дейин Мениң алдымда сөнбей жанып турыўын тәмийинлесин. Бул әўладларыңыз даўамында мәңги қағыйда болсын.
4 Харон сап алтыннан исленген шыра қойғыштың үстине шыраларды орнатсын. Шыралар Жаратқан Ийениң алдында ҳәмме ўақытта үзликсиз жанып турсын.
5 – Сапалы уннан он еки шөрек нан жап. Ҳәр бир нан оннан еки эфа муғдарындағы уннан жабылсын.
6 Оларды Жаратқан Ийениң алдындағы сап алтыннан исленген столға алтаў-алтаўдан еки жерге үсти-үстине қой.
7 Булардың қасына таза хош ийисли шайырдан қойып шық. Бул хош ийисли шайыр нанның орнына толық садақаның белгиси етип, Жаратқан Ийеге усынылады.
8 Ҳәр Шаббат күни бул нанлар Жаратқан Ийениң алдына қойылсын. Бул Израил халқының мәңги ўазыйпасы болсын.
9 Нанлар Харонға ҳәм оның улларына тийисли, олар нанларды мухаддес жерде жесин. Өйткени бул Жаратқан Ийеге берилетуғын сыйлардың жүдә мухаддес бөлеги болып, олардың мәңги пайы болады.
10 Бир күни анасы израиллы, әкеси мысырлы болған бир адам ордада израиллы бир адам менен жәнжеллесип қалды.
11 Израиллы ҳаялдың улы Жаратқан Ийеге тил тийгизип, нәлет айтты. Сонда оны Муўсаның алдына алып келди. Сол жигиттиң анасы Дан урыўынан болған Дибрийдиң қызы Шеломит еди.
12 Сол адамды қамаққа алып, Жаратқан Ийениң ҳүкимин күтти.
13 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
14 – Оны орданың сыртына алып шығың. Ол айтқан нәлетти еситкен ҳәр бир адам қолларын сол адамның басына қойсын ҳәм пүткил жәмийет оны тас боран қылсын.
15 Израил халқына былай деп айт: «Ким де ким Қудайын нәлетлесе, гүнасының жазасын тартады,
16 яғный Жаратқан Ийеге тил тийгизген адам сөзсиз өлтириледи. Пүткил жәмийет оны тас боран қылсын. Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамның келгинди ямаса жергиликли адам болыўына қарамастан, ол өлтирилсин.
17 Адам өлтирген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин.
18 Басқа биреўдиң малын өлтирген адам орнына бир мал берип, алған жанының орнын жан менен өтесин.
19 Ким де ким жанындағы адамды жарақатласа, оған да сондай жарақат жеткизилиўи керек.
20 Сыныққа сынық, көзге көз, тиске тис. Яғный басқаны қалай жарақатлаған болса, өзи де солай жарақатлансын.
21 Мал өлтирген адам малдың қунын төлесин, адам өлтирген болса, өлтирилсин.
22 Келгинди адам ушын да, жергиликли адам ушын да бирдей нызам қолланылады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».
23 Муўса буларды Израил халқына айтып болғаннан соң, халық Жаратқан Ийеге тил тийгизген адамды орданың сыртына алып шықты да, оны тас боран қылып өлтирди. Солай етип, Израил халқы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген буйрығын орынлады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.