Лебийлилер 25 bob

1 Шаббат жылы. 8 Қутлы жыл. 35 Жарлыларға жәрдем бериў

1 Жаратқан Ийе Синай таўында Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Мен сизлерге берип атырған елге киргениңизде, Жаратқан Ийениң ҳүрметине ҳәр жетинши жылы жерге егин екпей, дем алыс бериң.
3 Алты жыл атызларыңызға егин егиңлер, жүзимлердиң шақаларын путап, өнимлерин жыйнаңлар.
4 Бирақ жетинши жылы жер ушын дем алыс жылы, яғный Жаратқан Ийеге арналған Шаббат жылы болсын. Атызларға егин екпеңлер, жүзимзарларыңызды путамаңлар.
5 Өзлигинен өсип шыққан ҳасылды орып, шақалары путаланбаған жүзимлерди сақлап қойыў ушын, жыйнап алмаңлар. Жер толығы менен бир жыл дем алсын.
6 Дем алыс жылында өзлигинен өсип шыққан ҳәр қандай жердиң өниминиң өзи сизлер ушын, қул ҳәм шорыларыңыз, жалланба хызметшилер ҳәм араңызда жасап атырған келгиндилер ушын аўқат болады.
7 Жерде өсип шыққан ҳасыллар малларыңызға да, жабайы ҳайўанларға да азық болады».
8 «Жети жылда бир мәрте белгиленетуғын Шаббат жылының жети мәрте өтиўин бақлаң. Шаббат жылы жети мәрте өткенде, барлығы болып қырық тоғыз жыл болады.
9 Кейинги жылдың жетинши айының оныншы күни, яғный Гүнадан пәклениў күни пүткил ел бойлап қатты даўыслап кәрнай шертилсин.
10 Усы елиўинши жылды мухаддес деп санаңлар ҳәм пүткил ел халқы ушын азатлық жәриялаңлар. Усы жыл сизлер ушын Қутлы жыл болады. Ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын ҳәм қул болған ҳәр бир адам азат болып, өз тийресине қайтсын.
11 Елиўинши жыл сизлер ушын Қутлы жыл болсын. Усы жылы егин екпеңлер, өзи өсип шыққан егинлерди орып алып, сақламаңлар, шақасы путаланбаған жүзимлерди жыйнамаңлар.
12 Өйткени усы жыл Қутлы жыл ҳәм бул сизлер ушын мухаддес болсын. Тек атыздан туўрыдан-туўры алынған зүрәәтти жеңлер.
13 Қутлы жылда ҳәр бир адам өзиниң жер мүлкин қайтарып алсын.
14 Егер бир адамға жер сататуғын болсаң ямаса оннан жер сатып алатуғын болсаң, бир-бириңизге наҳақлық қылмаң.
15 Жердиң баҳасы кейинги Қутлы жылға шекемги жердиң жетистиретуғын зүрәәти бойынша баҳалансын.
16 Егер алдында еле көп жыл болса, баҳасы артсын, ал азғантай жыл қалған болса, онда баҳасы түсирилсин. Себеби саған атызды емес, ал оның зүрәәтиниң муғдарын сатады.
17 Бир-бириңизге наҳақлық қылмаңлар, Қудайыңыздан қорқыңлар. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
18 Қағыйдаларыма әмел қылып, нызамларыма бойсынсаңыз, сонда елиңизде тынышлық ишинде жасайсызлар.
19 Жер өз зүрәәтин берип, сизлер тоясызлар ҳәм ол жерде тынышлық ишинде жасайсызлар.
20 Сизлер: „Жетинши жылы жеримизге егин екпесек, зүрәәтимизди жыйнамасақ, онда не ишип-жеймиз?“ – деп сораўыңыз мүмкин.
21 Мен алтыншы жылы сизлерге сондай берекет жиберемен, жер сизлер ушын үш жыллық зүрәәт беретуғын болады.
22 Сегизинши жылы жерлериңизге егин еккениңизде де, тоғызыншы жылы зүрәәтиңизди жыйнайман дегенше, сол алтыншы жылы жыйнаған зүрәәтиңизден жейсизлер.
23 Жериңиз пүткиллей меншикке сатылмасын. Өйткени олар Маған тийисли. Ал сизлер бул жерге келгинди ҳәм жат жерлисизлер.
24 Жерин сатқан адамға өзиниң жерин қайтарып сатып алыўына жол қойыңлар.
25 Егер туўысқанларыңыздан бири гедейленип, жериниң бир бөлегин сатып жиберген болса, оның ең жақын әменгери келип, жерди қайтарып сатып алсын.
26 Жерин сатып алатуғын әменгери болмаса, онда ол адам жағдайы жақсыланып, жетерли пул жыйнаса,
27 жерди сатқаннан кейинги жыллардың ҳәм Қутлы жылға дейинги жыллардың зүрәәтиниң баҳасын есаплап, жерди сатып алған адамға төлесин. Соннан кейин, ол өз жерине өзи ийелик қылсын.
28 Ал оның жерин қайтарып сатып алатуғын пулы болмаса, жер Қутлы жылға дейин сатып алған адамға тийисли болып турады. Сол жылы жер сатып алған адамнан алынып, сатқан адам өз жерине қайтадан ийелик қылсын.
29 Егер ким де ким дийўал менен қоршалған қала ишиндеги үйин сатса, сатқан адам бир жылға дейин үйин қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады.
30 Егер ол үйин бир жыл ишинде қайтарып сатып ала алмаса, онда үй сатып алған адамның мүлкине айланып, ол ҳәм оның нәсили үйдиң мәңги ийеси болып қалады. Қутлы жылда да үй жаңа ийесиниң қолынан қайтарып алынбайды.
31 Ал дийўал менен қоршалмаған аўыллардағы үйлер атызлар сыяқлы есаплансын. Бундай үйлерди алдынғы ийеси қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болады, Қутлы жылда үйди сатып алған адам оны қайтарып бериўи тийис.
32 Ал лебийлилер өзлерине тийисли қалаларда сатқан үйлерин ҳәмме ўақытта қайтарып сатып алыў ҳуқықына ийе болсын.
33 Лебийлилер қайтарып сатып алатуғын усындай мүликлер, яғный лебийлилерге тийисли болған қалалардағы сатылған ҳәр бир үйлер Қутлы жылда өз ийесине қайтарып берилсин. Себеби қалалардағы лебийлилердиң үйлери Израил халқының арасындағы олардың мүлки болып есапланады.
34 Олардың қалаларының әтирапындағы жайлаўлар болса, улыўма сатылмасын. Өйткени булар олардың мәңгилик мүлки».
35 «Егер бир туўысқаныңыз жарлыланып, мүтәж аўҳалға түсип қалса, оған жәрдем бериң. Ол сизлердиң араңызда келгинди ямаса жат жерли сыяқлы жасасын.
36 Ол адамнан пул ҳәм аўқат ушын үстеме өндирип алмаң. Қудайдан қорқың, туўысқаныңыздың араңызда жасаўына жол қойың.
37 Оған үстеме берип, пул өндирмең ҳәм аўқатты өзиңизге кирис қылыў ушын бермеңлер.
38 Мен Қанан елин сизлерге бериў ушын ҳәм Қудайыңыз болыў ушын, сизлерди Мысырдан шығарып алған Қудайыңыз Жаратқан Ийемен.
39 Егер араңызда жасап атырған израиллы бир туўысқаныңыз жарлыланып қалса ҳәм ол қул сыпатында саған сатылса, оны қулдай етип жумсамаң.
40 Оған үйиңиздеги жалланба жумысшы ямаса келгинди сыяқлы қатнаста болың. Ол саған Қутлы жылға дейин хызмет қылсын.
41 Қутлы жылда балалары менен бирге азат болсын. Олар өз тийресине, ата- бабаларының жер мүлкине қайтсын.
42 Себеби израиллылар Мениң Мысырдан шығарып алған қулларым болады. Сонлықтан олар қул сыяқлы сатылмасын.
43 Оған хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң. Қудайыңыздан қорқың.
44 Қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз әтирапыңыздағы халықлардан болсын. Қул ҳәм шорыны олардың арасынан сатып алыўыңызға болады.
45 Және де, араңызда жасап атырған келгиндилердиң балаларын сатып алып, оларға хожайын бола аласызлар.
46 Оларды мийрас қылып, балаларыңызға қалдырып кете аласызлар. Олар өмир бойы сизлерге қул болады. Бирақ израиллы туўысқанларыңыздың бирине хожайынлық қылып, қатал қатнаста болмаң.
47 Араңызда жасап атырған келгинди ямаса жат жерли бир адам байып кетип, гедейленген бир израиллы туўысқаныңыз оған ямаса оның урпақларынан бирине қул сыпатында сатылса,
48 израиллы адам қуны төленип, азат болыў ҳуқықына ийе болады. Оның ағайин-туўғанларының бири оның қунын төлеп, азат қылсын.
49 Сондай-ақ әкесиниң ағасы, аталас туўысқаны ямаса жақын ағайинлериниң бири оны қайтарып сатып алып, оны азат қылыўы мүмкин. Ямаса өзи жетерли пул топласа, өзиниң азатлығын қайтарып алыўына болды.
50 Ол хожайыны менен есапласыўы керек. Өзин сатқан жылдан Қутлы жылға дейинги жылларды есапласын. Азатлығының қуны қалған жыллардың саны бойынша бир жумысшының күнлик ис ҳақысының есабы бойынша төленсин.
51 Егер де Қутлы жылға көп жыллар қалса, онда азатлық қунын өзи сатылған баҳаға тийкарланып төлесин.
52 Егер Қутлы жылға азғантай жыл қалса, онда усы бойынша есапласып, өзиниң азатлық қунын төлесин.
53 Ол хожайынының қасында бир жылға жалланған жумысшы сыяқлы болып жасаўы керек. Хожайынының оған қатал қатнаста болыўына жол қойма.
54 Егер сатылған туўысқаныңыз усы жоллар менен азат бола алмаса, Қутлы жылда балалары менен бирге азат етилсин.
55 Өйткени израиллылар Мениң қулларым, Мысырдан Өзим шығарып алған қулларым болады. Мен – Қудайыңыз Жаратқан Ийемен».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.