Лебийлилер 4 bob

1 Гүна қурбанлығы

 

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израил халқына былай деп айт: «Егер ким де ким Мен буйрықларымда қадаған қылған бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, төменде көрсетилгенлерге әмел қылсын:
3 Егер бас руўханий гүна ислеп, халқын айыпкер қылса, ислеген гүнасы ушын Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығы етип минсиз бир буға усынсын.
4 Ол буғаны Ушырасыў шатырының алдына, Жаратқан Ийениң алдына алып келсин. Соңынан қолын буғаның басына қойсын ҳәм Жаратқан Ийениң алдында оны шалсын.
5 Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин.
6 Ол бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин.
7 Соңынан ол шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы хош ийисли түтетки түтетилетуғын орынның шақларына қанды сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин.
8 Кейин гүна ушын берилген буғаның пүткил майын: ишеклерин қаплаған шарбы майлары менен иш майларын,
9 еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын
10 татыўлық қурбанлығы сыпатында берилген малдың майын айырғандай, айырып алсын. Бас руўханий оларды жандырылатуғын қурбанлық берилетуғын орынның үстинде түтетип жандырсын.
11 Ал буғаның қалған бөлеклерин: терисин, гөшин, геллесин, туяқларын ҳәм ишек-қарны менен дәрислерин
12 орданың сыртындағы күл төгилетуғын таза жерге апарып, оларды отынның үстине қойып, жағып жиберсин.
13 Егер пүткил Израил жәмийети Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, олар бәри бир айыплы саналады.
14 Ислеген гүнасы белгили болғанда, олар жәмийет атынан гүна қурбанлығы етип бир буға усынып, оны Ушырасыў шатырының алдына алып келсин.
15 Жәмийет ақсақаллары Жаратқан Ийениң алдында қолларын буғаның басына қойып, оны Жаратқан Ийениң алдында шалсын.
16 Бас руўханий буғаның қанынан бираз алып, Ушырасыў шатырының ишине кирсин.
17 Руўханий бармағын қанға батырып, қанды Жаратқан Ийениң алдында, Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердеге қарай жети рет серпсин.
18 Соңынан руўханий қанды шатырдағы, Жаратқан Ийениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орынның шақларына сүртсин. Буғаның аўысқан қанын шатырдың кирер аўзының алдындағы жандырылатуғын қурбанлық орынның түбине төксин.
19 Буғаның пүткил майын алып, оны қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын.
20 Руўханий өз гүнасы ушын берген буғаға не ислеген болса, бул буғаға да соны ислесин. Усылайынша руўханий жәмийетти гүнадан тазалайды ҳәм олардың гүналары кешириледи.
21 Алдынғы буғаны қалай жандырған болса, бул буғаны да орданың сыртына алып шығып, жағып жиберсин. Бул – жәмийеттиң гүнасы ушын қурбанлық болады.
22 Егер басшылардың бири Қудайы болған Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады.
23 Ислеген гүнасы өзине әшкара етилген ўақытта, ол қурбанлыққа минсиз бир теке алып келсин.
24 Кейин ол қолын текениң басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде, Жаратқан Ийениң алдында шалсын. Бул – гүна қурбанлығы.
25 Руўханий бармағын гүна қурбанлығының қанына батырып, қанды жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды орынның түбине төксин.
26 Кейин текениң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол көсемди гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.
27 Егер халық арасынан биреў Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген бир нәрсени ислеп, билмей гүна қылса, ол айыплы саналады.
28 Ислеген гүнасы өзине әшкара болғанда, ол гүнасы ушын қурбанлыққа минсиз бир ешки әкелсин.
29 Соң ол қолын гүна ушын берилген қурбанлықтың басына қойып, оны жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалсын.
30 Руўханий қурбанлықтың қанына бармағын батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин.
31 Қурбанлық берген адам ешкиниң пүткил майын татыўлық қурбанлығының майы сыяқлы айырып алсын. Руўханий майды Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып, қурбанлық орында түтетип жандырсын. Усылайынша, руўханий сол адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи.
32 Егер биреў гүна қурбанлығы ушын қой бермекши болса, қой минсиз болсын.
33 Ол қолын қурбанлықтың басына қойсын ҳәм оны жандырылатуғын қурбанлықлар шалынатуғын жерде шалсын.
34 Кейин руўханий бармағын шалынған қойдың қанына батырып, жандырылатуғын қурбанлық орынның шақларына сүртсин. Ал аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин.
35 Татыўлық қурбанлығы ушын берилген қой сыяқлы, адам бул қурбанлықтың да пүткил майын айырып алсын. Руўханий оны қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Усылайынша, руўханий адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.