Лебийлилер 5 bob

1 Айып қурбанлығы

1 «Егер ким де ким көрген-билгенлери ҳаққында гүўалық бериўге шақырылса, бирақ ол буннан бас тартса, онда ол өз айыбының жазасын тартады.
2 Ким де ким билмей, ҳарам саналған бир нәрсеге: жабайы я үй ҳайўанының ямаса жер баўырлаўшы бир ҳайўанның өлигине бир жерин тийгизип алса, ол ҳарамланған болып, айыплы саналады.
3 Биреў билмей, адамның денесинен шыққан өзин ҳарамлайтуғын қандай да бир нәрсеге бир жерин тийгизсе, кейин не ислегенин түсинген ўақытта, ол айыплы саналады.
4 Егер ким де ким қандай да бир исти ислеймен деп, ойланбастан ант ишип, оны орынламай қалса, онда ол айыплы саналады.
5 Егер ким де ким усы айтылған ислердиң биреўинде айыплы болса, ислеген гүнасын ашық мойынласын.
6 Ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге гүна қурбанлығын берсин. Бул қурбанлық майда малдан бир қой ямаса бир ешки болсын. Сонда руўханий адамды гүнасынан тазалайды.
7 Егер адамның қой әкелиўге жағдайы болмаса, онда ол гүнасының қуны сыпатында Жаратқан Ийеге еки қумыры ямаса еки жас кептер әкелсин. Олардың бири гүна қурбанлығы ушын, ал екиншиси жандырылатуғын қурбанлық ушын бериледи.
8 Оларды руўханийге алып келсин. Руўханий дәслеп гүна қурбанлығын берип, қустың мойнын сындырсын, бирақ оның басын жулып тасламасын.
9 Кейин қустың қанының биразын қурбанлық орынның қапталына серпип, аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төксин. Бул – гүна қурбанлығы.
10 Соннан соң, руўханий екинши қусты жандырылатуғын қурбанлық етип, қағыйда бойынша берсин. Усылайынша руўханий адамды гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
11 Егер адамның еки қумыры ямаса еки кептер әкелиўге жағдайы келмесе, онда ол ислеген гүнасы ушын эфаның* оннан бир мөлшериндеги сапалы бийдай унынан әкелсин. Ол унның үстине зәйтүн майын қуймасын ҳәм хош ийисли шайыр да қоспасын. Себеби бул – гүна қурбанлығы.
12 Адам унды руўханийге алып келсин. Руўханий толық садақаның белгиси ретинде уннан бир уўыс алып, оны қурбанлық орында, Жаратқан Ийеге арнап жағылып атырған сыйлардың үстине қойып, түтетип жандырып жиберсин. Бул – гүна қурбанлығы.
13 Солай етип, руўханий жоқарыда айтылған гүналардың бирин ислеген адамды гүнасынан тазалайды ҳәм оның гүнасы кешириледи. Ғәлле садақасы сыяқлы, садақаның жандырылмаған бөлеги руўханийге тийисли болады».
14 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
15 – Егер ким де ким Жаратқан Ийеге арналып, мухаддесленген нәрселерди былғап, билмей гүна ислесе, ол айып қурбанлығы сыпатында Жаратқан Ийеге майда малдан бир минсиз қошқар усынсын. Қошқардың қуны шекел аўырлығындағы гүмис пенен, Мухаддес орын өлшеми менен баҳалансын.
16 Адам мухаддес нәрсеге келтирген зыянының қунын төлеп, және сол қунның үстине бестен бирин қосып, руўханийге берсин. Руўханий айып қурбанлығы ушын берилген қошқар менен сол адамды гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
17 Егер ким де ким Жаратқан Ийениң буйрықларында қадаған етилген нәрсени ислеп, гүна қылса, ол билмей ислесе де, өз айыбының жазасын тартады.
18 Ол руўханийге айып қурбанлығы сыпатында майда малдан бир қошқар усынсын. Қошқар минсиз ҳәм қуны белгиленген болыўы тийис. Руўханий адамды билмей ислеген гүнасынан тазалайды ҳәм ол кешириледи.
19 Бул – айып қурбанлығы, өйткени адам Жаратқан Ийеге қарсы айып ислеген еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.