Лебийлилер 6 bob

1 Руўханийлердиң қурбанлық бериў қағыйдалары Күнделикли жандырылатуғын қурбанлық. 14 Ғәлле садақасы. 24 Гүна қурбанлығы

 

1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Егер ким де ким өзине аманат етилген, өзине тапсырылған ямаса урланған бир мал-мүлик туўрысында жақынын алдаса, я оны наҳақлық пенен қолға киргизсе ямаса жойтылған бир нәрсени таўып алып, оны жасырса, усындай ямаса усыған уқсайтуғын гүналардың бирин ислеп, оны ислемедим деп жалған ант ишсе, ол Жаратқан Ийениң алдында айып ис қылған болады
3 .
4 Адам усылардың бирин ислеп, гүна қылғанда, ол ҳәр қандай наҳақ жол менен қолға киргизген затты ийесине қайтарып берсин. Ол айыбы ашылған күни затлардың үстине бестен бирин қосып ийесине толығы менен қайтарып берсин
5 .
6 Соңынан Жаратқан Ийеге айып қурбанлығы етип усыныў ушын, қуны белгиленген ҳәм минсиз болған қошқарды руўханийге әкелсин.
7 Сонда руўханий Жаратқан Ийениң алдында оны гүнасынан тазалайды ҳәм оның ислеген айыбы қандай болса да, ол кешириледи.
8 Жаратқан Ийе Муўсаға және былай деди:
9 – Харон ҳәм оның улларына мынадай деп буйыр: «Күнделикли жандырылатуғын қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай: жандырылатуғын қурбанлық қурбанлық орынның үстинде түн бойы, азанға дейин қалыўы керек. Қурбанлық орынның үстиндеги от сөнбесин.
10 Азанда руўханий зығырдан исленген кийими менен диз кийимин кийип алсын. Кейин ол қурбанлық орынның үстиндеги жандырылатуғын қурбанлықтан қалған күлди жыйнап, қурбанлық орынның жанына қойсын.
11 Соңынан руўханий сол кийимлерин шешип, әдеттеги кийимлерин кийсин ҳәм күлди орданың сыртындағы таза жерге апарып тасласын.
12 Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын. Руўханий ҳәр күни азанда отқа отын салып, жандырылатуғын қурбанлықтың бөлеклерин оның үстине қойсын. Кейин татыўлық қурбанлықларының майын оның үстинде түтетип жандырсын.
13 Қурбанлық орынның үстиндеги от ҳеш қашан өшпей, үзликсиз жанып турсын».
14 «Ғәлле садақасын бериў қағыйдасы мынадай: Харонның уллары ғәлле садақасын қурбанлық орынның алдына әкелип, Жаратқан Ийеге усынсын.
15 Руўханий зәйтүн майы қосылған сапалы уннан бир уўысын толтырып алсын ҳәм хош ийисли шайырдың ҳәммесин алып, оларды толық садақаның белгиси ретинде қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын. Бул – толық садақаның белгиси ҳәм Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
16 Садақаның жандырылмаған бөлегин Харон ҳәм оның уллары жесин. Оннан ашытқысыз нан жаўып, мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин.
17 Оған ашытқы қосылмасын. Мен буны Өз сыйларымнан руўханийлердиң пайы қылып бердим. Бул – айып қурбанлығы ҳәм гүна қурбанлығы сыяқлы жүдә мухаддес.
18 Харон әўладынан болған ҳәр бир ер адам оннан жеўине болады. Бул Жаратқан Ийеге арналған сыйлардан әўладлар даўамында мәңгиге олардың пайы болады. Қурбанлықларға тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады».
19 Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди:
20 – Харон ҳәм оның урпағынан бири бас руўханийликке майланып, тайынланған күннен баслап, оның беретуғын садақасы мынадай болсын: ол оннан бир эфа сапалы унның ярымын азанда, ал қалған ярымын кеште ғәлле садақасы етип берсин. Ол бул садақаны ҳәр күни берип турыўы тийис.
21 Сол унға зәйтүн майы қосып ийленип, табада писирилсин. Бул ғәлле садақасын бөлеклеп сындырып, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый қылып усынсын.
22 Буны Харон әўладынан болған бас руўханий Жаратқан Ийеге усынсын. Бул мәңгиге Жаратқан Ийениң пайы болады. Усы садақа толығы менен түтетип жандырылыўы тийис.
23 Бас руўханийдиң берген ҳәр бир ғәлле садақасы толығы менен жандырып жиберилсин, оны жеўге болмайды.
24 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
25 – Харон ҳәм оның улларына былай деп айт: «Гүна қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай: гүна қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде, Жаратқан Ийениң алдында шалынсын. Ол – жүдә мухаддес.
26 Гүна қурбанлығын усыныўды орынлайтуғын руўханий оның гөшин мухаддес жерде, Ушырасыў шатырының ҳәўлисинде жесин.
27 Қурбанлықтың гөшине тийип кеткен ҳәр бир нәрсе мухаддес болады. Оның қаны кимниң кийимине шашыраса, кийим мухаддес жерде жуўылсын.
28 Қурбанлықтың гөши писирилген ылай ыдыс сындырып тасланыўы керек. Егер гөш қола ыдыста писирилген болса, ыдыс ысқылап тазаланып, суў менен жуўылсын.
29 Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам гүна қурбанлығының гөшинен жеўине болады. Бул қурбанлық жүдә мухаддес.
30 Бирақ гүна қурбанлығының қаны Ушырасыў шатырының ишине, гүнадан тазалаў ушын Мухаддес бөлмеге алып кирилсе, бундай қурбанлықтың гөшин жеўге болмайды. Ол толығы менен отқа жандырып жиберилиўи тийис».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.