1 «Айып қурбанлығы жүдә мухаддес. Бул қурбанлықты бериў қағыйдасы мынадай:
2 айып қурбанлығы жандырылатуғын қурбанлық шалынатуғын жерде шалынсын ҳәм оның қаны қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберилсин.
3 Малдың пүткил майын: қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын,
4 еки бөтекесин, олардың майларын ҳәм баўырының төменги ушын ажыратып алсын.
5 Руўханий булардың ҳәммесин қурбанлық орынның үстинде Жаратқан Ийеге сый қылып түтетип жандырсын. Бул – айып қурбанлығы.
6 Руўханийлер әўладынан болған ҳәр бир ер адам бул қурбанлықтан жеўине болады. Қурбанлық жүдә мухаддес болғанлықтан, мухаддес жерде желиниўи тийис.
7 Айып ҳәм гүна қурбанлықлары ушын бирдей қағыйда қолланылады. Қурбанлықтың гөши гүнадан тазалаў рәсимин өткерген руўханийге тийисли.
8 Жандырылатуғын қурбанлықтың териси де қурбанлықты усынған руўханийге тийисли.
9 Тандырда жабылған, қазанда ямаса табада писирилген ҳәр қандай ғәлле садақасы да оны усынған руўханийге тийисли болады.
10 Зәйтүн майы қосылған ямаса қурғақ ғәлле садақасы да Харонның улларына тийисли. Олар оны өз ара тең бөлисип алсын».
11 «Жаратқан Ийеге татыўлық қурбанлығын бериў қағыйдасы мынадай:
12 егер ким де ким Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын қурбанлық бермекши болса, қурбанлыққа қоса зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер, үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер ҳәм сапалы уннан зәйтүн майына қарылған ашытқысыз шөреклерди берсин.
13 Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын, татыўлық қурбанлығын ашытқы салынған шөреклер менен бирликте берсин.
14 Усы ғәлле садақасының ҳәр биринен бир дана наннан ажыратып, Жаратқан Ийеге усынсын. Бул нанлар татыўлық қурбанлығының қанын қурбанлық орынға серпкен руўханийге тийисли болады.
15 Жаратқан Ийеге миннетдаршылық билдириў ушын берилген татыўлық қурбанлығының гөши қурбанлық берилген күни желинсин, ол азанға дейин қалдырылмасын.
16 Егер ким де ким ўәде бойынша берилетуғын қурбанлық ямаса ықтыярлы қурбанлық бермекши болса, қурбанлықтың гөши берилген күни желинсин. Егер аўысып қалса, ертеңине желинсе де болады.
17 Бирақ үшинши күни қурбанлықтың қалған гөши отқа жағып жиберилиўи тийис.
18 Егер татыўлық қурбанлығының гөши үшинши күни желинсе, сол адамның усынған қурбанлығы қабыл етилмейди ҳәм есапқа алынбайды. Өйткени гөш ҳарам саналады ҳәм оны жеген ҳәр бир адам айыплы саналып, жазаға тартылады.
19 Ҳәр қандай ҳарам нәрсеге тийип кеткен қурбанлық гөшин жеўге болмайды. Ондай гөшти жағып жибериў керек. Ал ҳарамланбаған гөштен пәк деп саналған ҳәр бир адамның жеўине болады.
20 Бирақ егер бир адам ҳарам бола тура, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығын жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын.
21 Және де, ким де ким ҳарам саналған бир нәрсеге, адамнан шыққан ҳарамлайтуғын нәрсеге ямаса ҳарам ҳайўанға бир жерин тийгизип, Жаратқан Ийеге берилген татыўлық қурбанлығының гөшинен жесе, ол халық арасынан жоқ қылынсын».
22 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
23 – Израил халқына былай деп айт: «Мал, қой ҳәм ешкиниң ишки майын ҳасла жемеңлер.
24 Ҳарам өлген ямаса жабайы ҳайўанлар тәрепинен таланып тасланған ҳайўанның майын ҳәр қандай мүтәжликлериңизге ислетсеңиз болады, бирақ оны ҳеш қашан жемеңлер.
25 Ким де ким Жаратқан Ийеге сый қылып берилген маллардың бириниң майын жесе, ол өз халқы арасынан жоқ қылынсын.
26 Қай жерде жасасаңыз да, ҳеш қандай қус ямаса ҳайўанның гөшин қаны менен жемеңлер.
27 Қан жеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылынсын».
28 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
29 – Израил халқына былай деп айт: «Ким де ким татыўлық қурбанлығын бермекши болса, ол қурбанлықтың бир бөлегин Жаратқан Ийеге сый етип берсин.
30 Сол адам қурбанлықтан сый етип берип атырған майды ҳәм төсти өз қолы менен әкелсин ҳәм төсти Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынсын.
31 Руўханий майды қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырсын, бирақ төс Харон ҳәм оның улларына тийисли.
32 Татыўлық қурбанлығының оң санын сый ретинде руўханийге бериң.
33 Харонның улларынан қайсы бири усы татыўлық қурбанлығының қанын ҳәм майын усынса, оң сан соның пайы болады.
34 Себеби Мен Израил халқының татыўлық қурбанлықларының усы төсин ҳәм сан жилигин алып, буларды Израил халқынан мәңгиге берилген пай сыпатында руўханий Харонға ҳәм оның улларына бердим».
35 Харон ҳәм оның уллары руўханий болып тайынланған күннен баслап, олардың пайына Жаратқан Ийеге берилген сыйлардан усылар тийди.
36 Харон ҳәм оның уллары майланып, хызметке тайынланған күнинен баслап, Жаратқан Ийе Израил халқына усы жиликлерди оларға бериўин буйырды. Бул әўладлар бойы олардың мәңги пайы болады.
37 Мине, жандырылатуғын қурбанлық, ғәлле садақасы, айып қурбанлығы, гүна қурбанлығы, хызметке тайынлаў рәсими ҳәм татыўлық қурбанлығы туўралы қағыйдалар усылардан ибарат.
38 Израил халқы Синай шөлинде болған ўақытта, Жаратқан Ийе усы қурбанлықларды усынып баслаўды Синай таўында Муўсаға буйырған еди.