1 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Харон ҳәм оның улларын, олар менен бирге руўханийлик кийимлерин, майлаў ушын арналған зәйтүн майын, гүна қурбанлығы ушын берилетуғын буғаны, еки қошқарды ҳәм бир себет ашытқысыз нанларды алып кел.
3 Кейин пүткил жәмийетти Ушырасыў шатырының алдына жыйна.
4 Муўса Жаратқан Ийениң буйрығын орынлады. Ҳәмме Ушырасыў шатырының алдына жыйналғанда,
5 Муўса жәмийетке: – Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң буйрығын әмелге асыраман, – деди де,
6 Харон ҳәм оның улларын алдыға шығарып, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткизди.
7 Соннан кейин, Харонға узын көйлек кийгизип, белине белбеў байлады ҳәм оның сыртынан баҳалы руўханийлик кийим кийгизди. Оның үстине эфодты тағып, белбеўи менен буўды.
8 Көксине қалталы өңиршени тақты. Өңиршениң ишине Урим ҳәм Туммимди* салды.
9 Харонның басына сәлле орап, сәллениң алды бетине мухаддес алтын тажды қойды. Муўса ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
10 Соңынан Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын алып, Мухаддес шатырды ҳәм оның ишиндеги ҳәр бир нәрсени майлап, мухаддес қылды.
11 Қурбанлық орынның үстине майдан жети рет серпти. Және де, орынның барлық буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына май серпип, оларды мухаддес қылды.
12 Харонды мухаддес қылып бағышлаў ушын, басына зәйтүн майын қуйып, оны майлаў рәсиминен өткизди.
13 Соннан соң, Харонның улларын алдыға шығарды. Оларға узын көйлеклер кийдирип, беллерине белбеў байлады ҳәм басларына кишигирим сәлле орады. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
14 Кейин Муўса гүна қурбанлығы етип берилетуғын буғаны әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын буғаның басына қойды.
15 Муўса буғаны шалды. Қурбанлық орынды тазалаў ушын, қанды бармағы менен орынның шақларына сүртип шықты. Аўысқан қанды қурбанлық орынның түбине төкти. Усылайынша ол қурбанлық орынды гүналардан тазалаў рәсими өткерилетуғын ҳалға таярлап, оны мухаддес қылды.
16 Муўса малдың иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин ҳәм бөтеке майларын алып, қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды.
17 Ал буғаның қалған бөлеклерин – терисин, гөшин ҳәм дәрислерин орданың сыртында жағып жиберди. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
18 Кейин Муўса жандырылатуғын қурбанлыққа бир қошқарды әкелди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды.
19 Муўса қошқарды шалып, оның қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
20 Қошқарды жиликлерге бөлип, жиликлерин, геллесин ҳәм майын түтетип жандырды.
21 Ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандырды. Бул жандырылатуғын қурбанлық – Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
22 Буннан соң, Муўса Харон ҳәм оның улларының бағышланыўына арналған қурбанлық ушын берилетуғын қошқарды алып келди. Харон ҳәм оның уллары қолларын қошқардың басына қойды.
23 Муўса қошқарды шалып, оның қанын алды. Қанды Харонның оң қулағының сырғалығына, оң қолының ҳәм оң аяғының бас бармақларына сүртти.
24 Соңынан Харонның улларын алдыға шығарды. Олардың да оң қулағының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына қан сүртти. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жиберди.
25 Муўса малдың майын, яғный қуйрық майын, иш майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм оң санын алды.
26 Кейин Жаратқан Ийениң алдындағы ашытқысыз нан салынған себеттен бир шөрек, зәйтүн майы қосылған шөрек ҳәм бир пәтир алып, малдың майы менен оң санының үстине қойды.
27 Муўса булардың ҳәммесин Харон ҳәм оның улларының қолларына берди. Олар буларды Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды.
28 Кейин Муўса буларды олардың қолларынан алып, қурбанлық орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық пенен бирге түтетип жандырды. Булар – бағышланыў қурбанлығы, Жаратқан Ийеге хош ийисли сый болады.
29 Соң Муўса төсти алып, оны Жаратқан Ийениң алдында жоқары көтерип усынды. Бағышланыў қурбанлығы ушын берилген қошқардан Муўсаның пайына усы төс тийди. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
30 Муўса майлаў рәсимине арналған зәйтүн майын ҳәм қурбанлық орындағы қанды алып, Харон менен оның улларының үстине ҳәм олардың кийимлерине серпти. Усылайынша, Муўса Харонды, оның улларын ҳәм олардың кийимлерин мухаддес қылды.
31 Соң Муўса Харон ҳәм оның улларына: – Гөшти Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында писириңлер. Оны бағышланыў садақалары салынған себеттеги нан менен бирге сол жерде жеңлер. Маған: «Буны Харон ҳәм оның уллары жесин», – деп буйырылған.
32 Гөш пенен наннан аўысып қалғанын жағып жибериңлер.
33 Бағышланыў күнлериңиз тамам болғанша, жети күн даўамында Ушырасыў шатырының алдынан ҳеш жаққа шығып кетпеңлер. Себеби бағышланыў күнлериңиз жети күн даўам етиўи тийис.
34 Бүгинги исленген рәсимди Жаратқан Ийе сизлердиң гүналарыңыздың тазаланыўы ушын буйырған еди.
35 Жети күн даўамында күни-түни Ушырасыў шатырының алдында тайын болып, Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўыңыз тийис. Болмаса, өлип қаласызлар. Маған усылай буйрық берилген, – деди.
36 Солай етип, Харон ҳәм оның уллары Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген барлық буйрықларын орынлады.