Юнус 4 bob

Юнустың Қудайдың реҳимине ашыўланыўы (1-11).

1 Сонда Юнус буған қатты ренжип, ашыўланды.
2 Ол Жаратқан Ийеге былай деп дуўа етти: «О, Жаратқан Ийе! Усындай болатуғынын өз елимде болған ўақтымда-ақ айтпаған ба едим? Сонлықтан да мен Таршишке қашқан едим. Себеби Сениң мийримли, реҳимли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги шексиз ҳәм жазалаўдан ўаз кешетуғын Қудай екениңди билетуғын едим.
3 Енди өтинемен, Жаратқан Ийе, мениң жанымды ал. Себеби тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ».
4 Жаратқан Ийе оған: «Сениң ашыўланыўға ҳақың бар ма?» – деди.
5 Юнус қаладан шығып, оның шығыс тәрепиндеги бир жерге барып отырды. Ол өзине шертек соғып алып, оның саясында отырды ҳәм қалаға не болатуғынын көриў ушын күте баслады.
6 Сонда Қудай Ийе Юнустың басына саясын түсирип, қайғысын жеңиллетсин деп, бир өсимлик өсирип шығарды. Юнус бул өсимликке қатты қуўанды.
7 Бирақ келеси күни таң атқанда, Қудай бир қуртты жиберди ҳәм ол өсимликти кемирип, қуўратып таслады.
8 Қуяш шыққанда, Қудай шығыстың қапырық самалын естирди. Қуяш Юнустың басын қатты қыздырғанлықтан, ол ҳәлсизлене баслады ҳәм өзине өлим тилеп: «Тири жүргенимнен гөре, өлгеним жақсырақ», – деди.
9 Бирақ Қудай оған: – Өсимлик ушын ашыўланыўға ҳақың бар ма? – деди. Юнус: – Әлбетте, ҳәттеки, өлгенше ашыўланыўға ҳақым бар, – деди.
10 Сонда Жаратқан Ийе оған былай деди: «Бул өсимлик бир түнде шығып, бир түнде жоқ болды. Сен мийнет етип, бул өсимликти өсирмеген болсаң да, оған жаның ашып атыр.
11 Ал Ниневияда болса, ақ пенен қараны айыра алмайтуғын бир жүз жигирма мыңнан аслам адам ҳәм көп санлы ҳайўанлар бар. Усы уллы қала ушын Мениң жаным қалай ашымасын?»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.