Миха 2 bob

Жарлыларды езгенлердиң жазаланыўы (1-11), Үмит ўәдеси (12-13).

1 Жынаят қылыўды ойлайтуғынлар, Ҳәттеки төсегинде жатқанда, Жаўызлық жобаластыратуғынлар, ҳәсирет шегесиз! Таң атқанда, олар дүзген жобасын жүзеге асырады. Себеби олардың соны ислеўге күши жетеди.
2 Кеўли күсеген атызларды ийелеп, Зорлық пенен үйлерди тартып алады. Олар шаңарақларды езип, мийрас жерлерин басып алып атыр.
3 Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен бул халыққа сондай бир апат таярлап атырман, Буннан ҳеш бириңиз қашып кете алмайсыз. Басыңызды көтерип, жүре алмайсыз, Себеби сондай апатшылық заман келеди.
4 Сол күн келгенде, сизлерди масқаралап, Сизлер ҳаққында мынадай қайғылы жыр айтылады: „Бизлер пүткиллей ўайран болдық! Жаратқан Ийе халқымыздың бары-жоғын басқаларға үлестирди, Жерлеримизди сатқынларға тарқатып берди“».
5 Соның ушын, Жаратқан Ийениң халқы қайтадан жерди бөлискенде, Ҳеш бириңиз шек бойынша үлес жер алмайсыз.
6 Олардың пайғамбарлары: «Булар ҳаққында пайғамбаршылық етпе, Ондай пайғамбаршылықты тоқтат, Бизлер болмаймыз шерменде», – дейди.
7 «Ҳәй, Яқыптың нәсили, Жаратқан Ийениң сабыры таўысылған ба екен? Ол усындай ислерди қылар ма еди? – деп айтыўыңыз орынлы ма? Жаратқан Ийениң сөзлери туўры жүрген адамға, Жақсылық алып келмей ме?»
8 Жаратқан Ийе былай дейди: «Жақында өз халқыңызға душпандай зулымлық қылдыңыз! Саўаштан қайтқан адамлардай қәўетерсиз жүргенлерди аңлып, Олардың ийниндеги шапанын тартып алдыңыз.
9 Халқымның ҳаялларын өзлери унатқан өз үйлеринен шығарып жибердиңиз, Жас балалардың несийбесин мәңгиге қырқып тасладыңыз.
10 Қәнекей, турың, кетиң бул жерден! Артық аман-есенлик таба алмайсыз бул елден! Өйткени гүнаңыз себепли елиңиз толық ўайран болды».
11 Жалған сөйлейтуғын өтирикши келип: «Сизлерге шарап ҳәм өткир ишимлик мол болады, деп пайғамбаршылық қыламан», – десе, Ол бул халықтың пайғамбары саналады!
12 Жаратқан Ийе былай дейди: «Бирақ ҳәй, Яқып урпағы, Мен ҳәммеңизди сөзсиз жыйнайман, Қалған израиллыларды топлайман. Қорадағы қойлардай, жайлаўдағы сүриўдей етип, Жыйнайман сизлерди бир жерге. Сонда толып-тасар елиңиз адамларға».
13 Қудай оларға жол ашады, Тутқынлықтан азат етеди. Қала дәрўазасынан шығып кетеди. Патшаңыз болған Жаратқан Ийе оларға жетекши болып, алдында жүреди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.