Миха 3 bob
1 Сонда мен былай дедим: «Тыңлаңлар, Яқып урпағының басшылары, Израил халқының ҳүкимдарлары! Сизлер әдалаттың не екенин билиўиңиз керек емес пе?
2 Ал сизлер болса, жақсылықтан жеркенип, Жаманлықты жақсы көресиз. Сизлер халқымның терисин сыйырып, Етин сүйегинен сылып аласыз.
3 Халқымның гөшин жейсиз: терисин сыйырып, сүйеклерин майдалайсыз, Қазанға салынатуғын гөштей, табаға писиретуғын еттей оларды туўрайсыз.
4 Жақын арада сизлер Жаратқан Ийеге жалбарынасыз, Деген менен, сол ўақытта жаўызлық ислегениңиз ушын, Ол сизлерден жүзин жасырады»+\.
5 Халқын жолдан азғырған, Өзин тойдырғанға тынышлық тилеген, Ал аўзын майламағанға урыс жәриялаған пайғамбарларға, Жаратқан Ийе былай дейди:
6 «Соның ушын, үстиңизди қараңғы түн қаплайды, Қараңғылықтан ҳеш қандай аян көре алмайсыз. Ҳәй, пайғамбарлар, сизлер ушын қуяш батады, Күндизиңиз қараңғылыққа айланады.
7 Ўәлийлер шерменде болады, Уятқа қалады палкерлер. Қудай оларға жуўап бермегени ушын, Уяттан жүзлерин жаўып алады».
8 Бирақ мен Яқып урпағына айыпларын, Израил халқына гүналарын билдириў ушын, Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке, Әдиллик ҳәм батыллыққа толаман.
9 Қулақ салың, Яқып урпағының басшылары, Израил халқының ҳүкимдарлары! Әдилликтен жеркендиңиз, Ҳақыйқатты бурмаладыңыз.
10 Қанлардың есесине тикледиңиз Сионды, Әдилсизлик жолы менен қурдыңыз Ерусалимди.
11 Басшылары пара алып, ҳүким шығарады, Руўханийлери дәмегөйлик пенен тәлим береди, Пайғамбарлары пул алып, пайғамбаршылық қылады. Сондай болса да, олар: «Жаратқан Ийе бизлер менен бирге, Басымызға түспейди ҳеш қандай апат», – деп, Жаратқан Ийеге арқа сүйегиси келеди.
12 Сонлықтан сизлер себепли Сион атыз сыяқлы сүриледи, Сизлер себепли Ерусалим қырдағы тас үйинине айланады. Ибадатхана турған таўды тоғайлық қаплайды.