Сефания 2 bob

Сефанияның халықты тәўбеге шақырыўы (1-3), Филист үстинен ҳүким (4-7), Моаб ҳәм Аммон үстинен ҳүким (8-15).

1 Ҳәй, арсыз халық! Өртелиў ушын жыйналған сабан сыяқлы топланыңлар!
2 Қудайдың пәрманы орынланса, Тәўбе қылыў мүмкиншилигиңиз самал ушырған қаўықтай жоқ болады. Сонлықтан Жаратқан Ийениң күшли қәҳәрине ушырамасыңыздан алдын, Жаратқан Ийениң ғәзеп күни келмесинен алдын, есиңизди жыйнап алың!
3 Ҳәй, Жаратқан Ийениң нызамларына әмел қылатуғынлар, Елдеги барлық кишипейиллилер, Жаратқан Ийеге келиң. Ҳақ ҳәм кишипейил болыўға умтылың. Сонда Жаратқан Ийениң ғәзеп күнинде аман сақланыўыңыз мүмкин.
4 Газа қаласы қаңырап, босап қалады, Ашкелон қаласы қарабақанаға айланады, Ашдод турғынлары түске дейин қуўып шығарылады, Экрон қаласы түп-тамыры менен жоқ қылынады.
5 Криттен келип, теңиз бойында жасап атырғанлар, ҳәсирет шегесиз! Ҳәй, филистлердиң жери Кенаан, Жаратқан Ийениң саған қарсы ҳүкими мынадай: «Мен сени бирде бир турғының қалмағанша, қырып таслайман».
6 Теңиз бойындағы елиңиз, Қой-ешкилердиң жайлаўларына, Сүриўлердиң қораларына айланады.
7 Яҳуда халқының аман қалғанлары сол елди ийелик қылады, Ол жерде сүриўлерин отлатады, Ашкелондағы үйлерде түнейди. Өйткени Қудайы Жаратқан Ийе оларға ғамхорлық қылады, Бурынғы абаданшылығына еристиреди.
8 «Мен моаблылардың кемситкен мысқыллы сөзлерин, Аммон халқының мазақ сөзлерин еситтим. Олар Мениң халқымды аяқ асты қылып, Халқымның жерине көз алайттырғанын еситтим.
9 Сонлықтан, тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси: – Моаб ели Содом, аммон халқының ели Гомора сыяқлы болып қалады. Сонда оларды жабайы шөплер қаплап, Дузлы шуқырларға толып кетеди, Мәңги қаңыраған елсиз далаға айланады. Халқымның аман қалғанлары оларды тонайды, Яҳудада аман қалғанлары олардың жерлерин мүлик етип алады».
10 Олардың менменликлери ушын, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң халқын аяқ асты қылып, Олардың жерине көз алайттырғаны ушын, Усы апатлар олардың басына түседи.
11 Жаратқан Ийе оларға қарсы айбат қылады, Жер жүзиндеги барлық қудайларды қуртады. Теңиз жағаларындағы барлық миллетлер, Өз еллеринде Жаратқан Ийеге сыйынады
12 «Ҳәй, кушлылар, Сизлер де Мениң қылышымнан өлесиз», – дейди Жаратқан Ийе.
13 Жаратқан Ийе арқа тәрепке қарсы қол көтерип, Ассирияны жоқ қылады. Ниневия қаласын ўайран қылады, Оны суўсыз шөлге айландырады.
14 Оның ортасы сүриўлердиң, Ҳәр түрли жабайы ҳайўанлардың жататуғын орны болады. Сүтинлердиң жоқарысында узақша ҳәм байыўлылар уйықлайды, Айналардан олардың даўысы шығады. Қулатылған таслары босағаларында үйилип қалады, Тек ғана кедр ағашлары қалады.
15 Мине, тынышлық ишинде жасаған мақтаншақ қала, «Маған теңлесе алатуғыны жоқ», – деп өзинше айтқан еди. Ал енди болса, ол ўайран болды,Жабайы ҳайўанлардың мәканына айланды. Жанынан өткен-кеткенлер, Көргенлерине қолларын шошайтып, мазақлап кетеди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.