Зехария 11 bob

Израилдың душпанларының апаты (1-3), Еки шопан (4-17).

1 Ҳәй, Лебанон, дәрўазаларыңды аш, От кедр ағашларыңды жағып жоқ қылсын!
2 Ҳәй, сәрўи ағашы, дад сал! Кедр ағашы қулады, Уллы тереклер жоқ болды! Ҳәй, Башандағы емен ағашлары, дад салың, Қалың тоғайлар кесилди!
3 Қулақ сал, шопанлардың шеккен пәриядына, Олардың әжайып жайлаўлары жоқ болды! Қулақ сал, арысланлардың ақырған даўысына, Иордан дәрьясының бойындағы тоғайлық жоқ болды!+
4 Қудайым Жаратқан Ийе былай дейди: «Сойылыўға арналған сүриўге шопанлық қыл.
5 Сүриўди сатып алғанлар, оларды сойса да, өкинбей жүрипти. Қойларды сатқанлар болса: „Жаратқан Ийеге шүкирлер болсын, байып кеттим!“ – дейди. Шопанлар өз сүриўлерине жаны ашымайды.
6 Мен енди елде жасап атырған халыққа артық реҳим қылмайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен олардың ҳәр бирин өз қоңсы халқына ҳәм патшасының қолына тапсыраман. Олар елди езеди, Мен де халықты олардың қолынан қутқармайман».
7 Солай етип, сойылыўға арналған сүриўге, олардың езилгенлерине шопанлық қылдым. Қолыма еки таяқ алдым, биреўин «Ырзашылық», екиншисин «Бирлик» деп атап, сүриўди бақтым.
8 Бир айдың ишинде үш шопанды қуўып жибердим. Мениң сүриўге болған сабыр-тақатым таўысылды, олар да мени жек көрди.
9 Сонда мен сүриўге: «Артық сизлерди бақпайман. Өлетуғыны өлсин, набыт болатуғыны набыт болсын, аман қалғанлары бир-бириниң етин жесин», – дедим.
10 Кейин «Ырзашылық» деген таяғымды алып, оны сындырдым. Усылай қылып, Жаратқан Ийениң барлық халықлар менен дүзген келисимин бузғанын көрсеттим.
11 Солай етип, келисим сол күни бузылды. Мени гүзетип турған сүриўдиң езилгенлери бул истиң Жаратқан Ийениң жиберген хабары екенин түсинди.
12 Мен оларға: «Егер мақул деп тапсаңыз, мениң ис ҳақымды бериң, болмаса бермей-ақ қойың», – дедим. Сонда олар маған отыз шекел гүмисти ис ҳақым ушын өлшеп берди.
13 Жаратқан Ийе маған: «Буны гүлалшының алдына тасла», – деди. Солай етип, өзлери жоқары деп баҳалаған отыз шекел гүмисти алып, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы гүлалшының алдына тасладым.
14 Кейин «Бирлик», деп аталған екинши таяғымды сындырдым. Усылай етип, Яҳуда менен Израил арасындағы туўысқанлық бирликти буздым.
15 Жаратқан Ийе маған және былай деди: «Бар, және бир мәрте шопанлық қыл, надан шопандай ҳәрекет ет.
16 Елге сондай бир шопан жиберемен, ол набыт болып атырғанларға қарамайды, жойтылғанларды излемейди, жарақатланғанларға шыпа бермейди, саўларын азықландырмайды. Ал семиз қойлардың гөшин жеп, туяқларын жулып таслайды.
17 Ҳәсирет шегесең, сүриўди тәрк ететуғын надан шопан! Қылыш келсин қолыңа ҳәм оң көзиңе, Пүткиллей қурып қалсын қолың, Пүткиллей соқыр болсын оң көзиң!»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.