Зехария 3 bob
1 Кейин бас руўханий Ешуаның Жаратқан Ийениң периштесиниң алдында турғанын ҳәм оның оң жағында оны айыплаў ушын шайтанның турғанын көрдим.
2 Жаратқан Ийе шайтанды кейип: «Мен саған тыйым саламан, ҳәй, шайтан! Ерусалимди таңлаған Мен саған тыйым саламан! Бул адам от ишинен суўырып алынған шала жанған отын бөлеги емес пе?» – деди.
3 Периштениң алдында Ешуа патас кийим кийип турған еди.
4 Периште сол жерде турғанларға: «Үстиндеги патас кийимлерин шешиң», – деди. Кейин Ешуаға: «Тыңла, сениң айыпларыңды алып тасладым. Саған таза, салтанатлы кийим кийдиремен», – деди.
5 Сонда мен: «Оның басына таза сәлле кийдирилсин», – дедим. Олар оның басына таза сәлле, үстине кийим кийдирди. Жаратқан Ийениң периштеси де оның қасында турған еди.
6 Кейин Жаратқан Ийениң периштеси Ешуаға ескертип былай деди:
7 «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Егер Мениң жолларым менен жүрип, Мениң талапларымды орынласаң, Ибадатханамда сен басшылық қылып, ҳәўлимди басқарасаң. Саған усы жерде турғанлар менен бирге дәргайыма кирип-шығыў ҳуқықын беремен.
8 Тыңла, бас руўханий Ешуа, сен ҳәм жаныңда отырған руўханий туўысқанларың менен бирге ҳәммеңиз келешекте жүз беретуғын ўақыялардың нышанысыз. Мен „Нәл“ деп аталатуғын хызметкеримди алып шығаман.
9 Мине, Ешуаның алдына бир тас қойдым. Сол тасқа жети көз қарап турыпты. Мен тастың үстине ойып жазыў жазаман“. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады. „Бир күн ишинде мына елдиң гүнасын алып таслайман.
10 Сол күни сизлер қоңсы-қобаларыңызды өз жүзим ағашларыңыздың ҳәм әнжир ағашларыңыздың астында отырыўға мирәт етесиз“. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады»+.Сол күни сизлер қоңсы-қобаларыңызды өз жүзим ағашларыңыздың ҳәм әнжир ағашларыңыздың астында отырыўға мирәт етесиз“. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси айтады».