Малахия 2 bob

Яҳуда халқының Қудайға қыянет етиўи (10-16), Ҳүким күни жақын қалды (17).

1 – Ҳәй руўханийлер, енди бул буйрық сизлерге арналады.
2 Егер Маған қулақ салмасаңыз ҳәм атымды ҳүрмет етпесеңиз, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – сизлерге нәлет жаўдырып, сизлердиң пәтияларыңызды нәлетке айландыраман. Әлле қашан нәлетледим, себеби сизлер Мени ҳүрметлеўди қәлемедиңлер.
3 – Мен сизлердиң әўладларыңызды жазалайман. Байрамларыңызда қурбанлық қылған малларыңыздың тасландыларын жүзлериңизге ылақтыраман. Сизлерди усылар менен бирге таслап жиберемен.
4 Лебийлилер менен дүзген келисимимниң даўам етиўи ушын, усы буйрықты Мениң бергенимди билип аласызлар, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
5 – Лебийлилер менен дүзген келисимим өмир ҳәм тынышлық беретуғын келисим еди. Маған ҳүрмет көрсетсин деп, Мен оларға усыларды берген едим. Олар Меннен қорқып, атымды ҳүрмет ететуғын еди.
6 Олардың аўзында дурыс көрсетпе бар еди ҳәм тиллеринде ҳеш қандай әдалатсызлық жоқ еди. Олар Мениң менен бирге болып, тынышлық ҳәм туўры жолда жүретуғын еди ҳәм көп адамларды гүна жолынан қайтаратуғын еди.
7 – Руўханийдиң тилиндеги сөзлер билимди сақлайды ҳәм адамлар оның аўзынан дурыс көрсетпе излейди. Өйткени ол Әлемниң Жаратқан Ийесиниң хабаршысы.
8 Деген менен, сизлер жолдан азғырылып кеттиңиз ҳәм өз үгит-нәсиятларыңыз бенен көп адамларды гүнаға жетеледиңиз. Мениң лебийлилер менен дүзген келисимимди буздыңыз, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
9 – Сизлер Мениң жолларымды излемедиңлер, Нызамға байланыслы мәселелерде адамына қарай ис туттыңлар. Сол себептен Мен де барлық халықтың алдында сизлердиң абырайыңызды түсирип, жерге урдым.
10 Бизлердиң ҳәммемиздиң Әкемиз бир емес пе? Бизлерди Қудай жаратқан жоқ па? Ондай болса, не ушын ҳәр биримиз өз туўысқанымызға қыянет етип, Қудайдың ата-бабаларымыз бенен дүзген келисимин бузып атырмыз?
11 Яҳуда халқы опасызлық қылды. Олар Израилда ҳәм Ерусалимде жеркенишли ислер иследи: Яҳуда басқа қудайларға табынатуғын қызларға үйленип, Жаратқан Ийениң сүйген мухаддес Ибадатханасын ҳарамлады.
12 Буны ислеген адам ким болыўына қарамастан, ол Әлемниң Жаратқан Ийесине қурбанлықлар алып келсе, Жаратқан Ийе оны Яқыптың шатырларынан жоқ қылсын!
13 Сизлер ислеп атырған және бир ис бар: Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын көз жаслар менен толтырып жибергенсиз, дад салып, ҳәсирет шегип атырсыз. Себеби Жаратқан Ийе сизлердиң алып келген қурбанлықларыңызды қабыл етпей атыр, Ол булардан ыразы емес.
14 «Не ушын?» – деп сорайсызлар. Себеби сизлер жас ўақтыңызда үйленген ҳаялыңызға қыянет еттиңлер. Ол сизлердиң өмирлик жолдасыңыз, некели ҳаялыңыз еди. Жаратқан Ийениң Өзи екеўиңиздиң араңызда гүўа болған еди.
15 Қудай сизлерди бир дене ҳәм бир руўх қылып жаратпады ма? Не ушын бир қылды? Өйткени Ол Өзине айрықша болған бир урпақ излеген еди. Сонлықтан өзлериңизге ықтыят болың, ҳеш бириңиз жаслықта үйленген ҳаялыңызға қыянет етпең.
16 – Мен некениң бузылыўын жек көремен, – дейди Израилдың Қудайы, Жаратқан Ийе. – Ҳаялына усындай жаўызлық ислеген адамнан жеркенемен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. Сонлықтан абайлы болыңлар ҳәм қыянет етпеңлер, – деди+.
17 Сизлер сөзлериңиз бенен Жаратқан Ийени шаршатып жибердиңлер. Сизлер: «Бизлер Оны қалай шаршаттық?» – деп сорайсыз. Ал сизлер Оны: «Жаманлық қылған ҳәр бир адам Жаратқан Ийениң алдында жақсыдур, Оның кеўли олардан толыдур», – деп шаршаттыңыз. Және де: «Қәне, әдилликти сақлайтуғын Қудай қайда өзи?» – деп сорайсыз.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.