Матта 11 bob

Яқыяның сораўы ҳәм Ийсаның Яқыя туўралы гүўалығы (2-24), Ийсаның адамларды рәҳәтлениўге шақырыўы (25-30).

1 Ийса он еки шәкиртине усы тапсырмаларды берип болғаннан кейин, сол жерден кетип, жақын жайласқан қалаларда тәлим бериўге ҳәм Хош Хабарды жәриялаўға барды.
2 Яқыя қамақта отырып, Масихтың ислеген ислери ҳаққында еситкенде өз шәкиртлерин жиберип:
3 «Келетуғын Қутқарыўшы Сенбисең ямаса басқа биреўди күтиўимиз керек пе?» – деп Оннан соратты.
4 Ийса оларға жуўап берип: – Барыңлар, еситип-көргенлериңизди Яқыяға билдириңлер.
5 Соқырлардың көрип, ақсақ болғанлардың жүрип, мақаў кесел болғанлардың тазаланып, гереңлердиң еситип, өлгенлердиң тирилип, Хош Хабардың жарлыларға жәрияланып атырғанын айтып бериңлер.
6 Маған гүмансыз исенгенлер бахытлы, – деди.
7 Олар кеткеннен кейин, Ийса халыққа Яқыя туўралы айта баслады: – Сизлер шөл далаға нени көриўге бардыңлар? Самал тербеткен қамысты ма?
8 Айтыңлар, нени көриўге бардыңлар? Ҳасыл кийим кийген бир адамды ма? Ҳасыл кийим кийгенлер патша сарайларында болады-ғо.
9 Солай етип, нени көриўге бардыңлар? Пайғамбарды ма? Аўа, Мениң сизлерге айтатуғыным: ол – пайғамбардан да уллы.
10 Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Мине, Мен Сеннен бурын Өз хабаршымды жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды алдыңнан таярлап қояды», деп айтылған адам – усы.
11 Сизлерге шынын айтып турман: ҳаялдан туўылғанлардың арасында Шомылдырыўшы Яқыядан уллы адам жоқ. Бирақ Аспан Патшалығындағы ең кишкене адам да оннан уллы.
12 Шомылдырыўшы Яқыяның күнлеринен баслап ҳәзирге дейин Аспан Патшалығына зорлық жасалып, зорлық жасаўшылар Оны басып алып атыр.
13 Барлық пайғамбарлар ҳәм Мухаддес Нызам Яқыя келиўге дейин Аспан Патшалығы ҳаққында болжап келген.
14 Егер буларды қабыл еткиңиз келсе, келиўге тийисли болған Илияс пайғамбар – усы Яқыя.
15 Қулағы бар жақсылап еситип алсын!
16 Ҳәзирги әўладты кимге уқсатайын? Олар базарда жолдасларына: «Сизлерге сыбызғы шерттик, бирақ сизлер ойнамадыңлар!
17 Сизлерге жоқлаў айттық, бирақ сизлер жыламадыңлар!» – деп бақырып отырған балаларға уқсайды.
18 Себеби Яқыя келип, ишип жемеди. Сонда олар: «Оны жин урған», – дести.
19 Адам Улы келип, ишип жеди. Сонда олар: «Мине, тамақсаў ҳәм арақхор адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – деп айтысып атыр. Ал Қудайдың даналығы ислер арқалы ақланады.
20 Соннан соң, Ийса кәраматларын көбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады:
21 – Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан бетин тырнап, шашын жулып қайғырып, тәўбе етер еди.
22 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады.
23 Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Өйткени сенде болған кәрамат ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди.
24 Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады.
25 Сол ўақытта Ийса сөзин даўам етип: – О, Әкем, аспан менен жердиң Ийеси! Буларды даналардан ҳәм ақыллылардан жасырып, нәрестедей адамларға ашып билдиргениң ушын Сени мақтайман!
26 Аўа, Әке! Себеби Сениң қәлеўиң усындай еди.
27 Маған ҳәммеси Әкемнен берилген. Әкеден басқа ҳеш ким Улын билмейди. Әкени де тек ғана Улы ҳәм Улы таңлап ашып билдиргиси келгенлер ғана биледи.
28 Ҳәй, шаршап, аўыр жүк басқанлар, ҳәммеңиз Маған келиңлер! Мен сизлерди рәҳәтлендиремен.
29 Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады.
30 Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.