Матта 17 bob

Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи (1-13), Жин урған баланың шыпа табыўы (14-20), Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында және билдириўи (22-23), Ибадатхана салығы (24-26).

1 Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петрди, Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды қасына алып, оларды бир бийик таўға ертип шықты.
2 Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди: Оның жүзи қуяштай жарқырады, кийимлери жарық сыяқлы аппақ болды.
3 Сол ўақытта бирден оларға Ийса менен сөйлесип турған Муўса ҳәм Илияс пайғамбарлар көринди.
4 Сонда Петр Ийсаға: – Ийем, бизиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Егер қәлесең, мен бул жерге үш қос қураман: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
5 Ол еле сөйлеп турғанда, бир жарық булт оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман. Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
6 Буны еситкен ўақытта шәкиртлери қатты қорқысып, бетәлпетинен жерге жығылды.
7 Бирақ Ийса жақынлап келип, оларға қолын тийгизди де: – Турыңлар, қорқпаңлар! – деди.
8 Олар көзлерин ашып жоқарыға қарағанда, Ийсадан басқа ҳеш кимди көрмеди.
9 Таўдан төмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы өлимнен қайта тирилмесинен бурын, бул көргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар! – деп буйырды.
10 Сонда олар: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
11 Ийса оларға: – Дурыс, алды менен Илияс келип ҳәммесин дүзетеди.
12 Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: Илияс әлле қашан келген еди, бирақ оны адамлар танымады ҳәм оған қәлегенин иследи. Адам Улы да олардан солай азап шегеди, – деп жуўап берди.
13 Сонда шәкиртлери Ийсаның Шомылдырыўшы Яқыя ҳаққында айтып турғанын түсинди.
14 Олар халықтың жанына келгенде, бир адам Ийсаға жақынлап, Оның алдында дизе бүкти де:
15 – Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады.
16 Мен оны Сениң шәкиртлериңе әкелген едим, бирақ олар шыпа бере алмады, – деди.
17 Ийса жуўап қайтарып: – Ҳәй, исенбейтуғын, адасқан әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Қашанға дейин сизлерге шыдайман? Оны Маған, бул жерге әкелиңлер, – деди.
18 Ийса жинге буйрық бергенде, ол баладан шығып кетти ҳәм бала сол ўақытта-ақ шыпа тапты.
19 Сонда шәкиртлери Ийсаға аўлақта келип: – Бизлер неге жинди қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
20 Ийса оларға: – Исенимиңиз аз болғанлықтан. Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди. [ 21 ]
21 Шәкиртлериниң ҳәммеси Галилада болғанда, Ийса оларға: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи.
22 Олар Оны өлтиреди, бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди. Буған олар қатты қапа болды.
23 Олар Капарнаҳумға келгенде, еки драхмалық* Ибадатхана салығын жыйнаўшылар Петрдиң жанына келип, оннан: – Сизлердиң Устазыңыз Ибадатхана салығын төлемей ме екен? – деп сорады.
24 Петр: – Аўа, төлейди, – деди. Ол үйге келгенде, Ийса оннан бурын: – Симон, сен қалай ойлайсаң? Жер бетиниң патшалары бажылар менен салықты кимлерден алады? Өз балаларынан ба ямаса басқа адамлардан ба? – деп сорады.
25 Петр: – Басқа адамлардан, – деди. Ийса: – Олай болса, патшаның балалары салық төлеўден азат.
26 Бирақ, оларды түсинбеўшиликке салмаўымыз ушын, теңизге бар да, қармақ салып, ең биринши илинген балықты ал. Оның аўзын ашсаң, төрт драхмалық бир гүмис теңгени табасаң. Оны алып, Мениң менен өзиң ушын оларға төле, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.