Матта 18 bob
1 Сол ўақытта шәкиртлери Ийсаның жанына келип: – Аспан Патшалығында ең уллы ким? – деп сорады.
2 Ийса бир баланы шақырып алып, оны олардың ортасына турғызып қойып былай деди:
3 – Сизлерге шынын айтып турман: кеўиллериңизди өзгертип, балалар сыяқлы болмасаңлар, Аспан Патшалығына кире алмайсызлар.
4 Солай етип, ким де ким өзин усы бала сыяқлы пәс тутса, сол Аспан Патшалығында ең уллы болады.
5 Ал ким де ким мынадай бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады.
6 Бирақ ким де ким Маған исенип турған мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып, терең теңиздиң түбине батырылғаны оған жақсырақ болар еди.
7 Адамларды азғырыўшы нәрселер себепли, дүнья ҳәсирет шегеди! Азғырыўшы нәрселердиң болыўы сөзсиз, бирақ азғырыў ким арқалы келсе, сол адам ҳәсирет шегеди!
8 Егер сени қолың ямаса аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки қолың менен ямаса еки аяғың менен мәңгилик отқа тасланғаныңнан гөре, бир қолың ямаса аяғың менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ.
9 Егер сени көзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки көзиң менен дозақ отына тасланғаныңнан гөре, жалғыз көзиң менен өмирге ерискениң өзиңе жақсырақ.
10 Абайлаңлар, мына кишкенелердиң ҳеш қайсысын да кемситиўши болмаңлар! Себеби сизлерге айтатуғыным: олардың аспандағы периштелери аспандағы Әкемниң жүзин ҳәмме ўақыт көрип турады. [ 11 ]
11 – Сизлер қалай ойлайсызлар? Егер биреўдиң жүз қойы болып, оның биреўи жойтылып кетсе, ол тоқсан тоғыз қойын таўда қалдырып, жойтылған бир қойын излемес пе еди?
12 Сизлерге шынын айтып турман: егер оны таўып алса, жойтылмаған тоқсан тоғыз қойынан гөре, таўып алған жалғыз қойына көбирек қуўанады.
13 Сол сыяқлы, сизлердиң аспандағы Әкеңиз мына кишкенелердиң биреўиниң де жойтылыўын қәлемейди.
14 – Егер туўысқаның саған қарсы гүна ислесе, оған бар да, аўлақта сөйлесип, айыбын бетине ашық айт. Егер ол сөзиңди тыңласа, онда туўысқаныңды өзиңе қайтарып алғаның болады.
15 Егер ол сөзиңди тыңламаса, өзиң менен бирге бир ямаса еки адамды ертип оған бар, өйткени айтылған барлық сөзлериңе еки ямаса үш гүўа болыўы тийис.
16 Егер олардың да сөзин тыңлағысы келмесе, онда исениўшилер жәмәәтине айт. Ал исениўшилер жәмәәтин де тыңлағысы келмесе, онда оны бутқа табыныўшы ҳәм салықшы деп сана.
17 Сизлерге шынын айтып турман: сизлер жер бетинде нени байласаңыз, сол аспанда да байланады, және де, сизлер жер бетинде нени шешсеңиз, сол аспанда да шешиледи.
18 Сизлерге және шынын айтаман: жер бетинде сизлердиң екеўиңиз келисип не сорасаңыз, аспандағы Әкем соны береди.
19 Себеби қай жерде еки ямаса үш адам Мениң атым менен жыйналса, Мен олар менен биргемен.
20 Сонда Петр Ийсаға келип: – Ийем, маған қарсы гүна ислеген туўысқаныма неше рет кеширим берсем болады? Жети ретке дейин бе? – деп сорады.
21 Ийса оған: – Саған жети ретке дейин емес, ал жетпис жердеги жети ретке дейин кеширим ет, деймен.
22 Солай етип, Аспан Патшалығы өз хызметшилери менен қарызын есапласқысы келген бир патшаға уқсайды.
23 Ол есапласа баслағанда, оның алдына оннан он мың талант қарыздар болған биреўди алып келипти.
24 Бирақ ол қарызын төлей алмайтуғын болғанлықтан, патша оған оның өзи менен қосып ҳаялын, балаларын ҳәм барлық мал-мүлкин сатып, қарызын төлеўди буйырыпты.
25 Сонда хызметши оның аяғына жығылып: «Тақсыр, шыдап турың, мен барлық қарызымды төлеймен!» – деп жалыныпты.
26 Хызметшиге жаны ашыған патша оны босатып, қарызынан кешипти.
27 Ал хызметши сыртқа шығып, өзине жүз динар қарыздар болған бир хызметши жолдасын ушыратып: «Маған беретуғын қарызыңды бер», – деп оны буўындыра баслапты.
28 Сонда оның жолдасы аяғына жығылып: «Шыдап тур, мен қарызымды төлеймен», – деп жалыныпты.
29 Бирақ ол жолдасының сөзин тыңламай, өзине беретуғын қарызын төлемегенше, оны қаматтырып таслапты.
30 Оның басқа хызметши жолдаслары бул ўақыяны көрип, қатты қапа болыпты ҳәм патшаға барып, болған истиң бәрин айтып берипти.
31 Сонда патша оны шақыртып алып, оған: «Ҳәй, жаўыз хызметши! Сен маған жалынғаның себепли ғана барлық қарызыңнан кешкен едим.
32 Мениң саған реҳим еткенимдей, сениң де өз жолдасыңа реҳим етиўиң тийис емес пе еди?» – депти.
33 Патша қәҳәрленип, өзине берилетуғын қарыздың бәрин төлеп болмағанша, оны жазалаўшылардың қолына тапсырыпты.
34 Егер сизлердиң ҳәр бириңиз туўысқаныңыздың гүнасын шын кеўлиңизден кеширмесеңлер, Мениң аспандағы Әкем де сизлерге солай ислейди, – деди.