Матта 20 bob
1 Ийса және былай деди: – Аспан Патшалығы өзиниң жүзим бағына жумысшыларды жаллап алыў ушын таң азанда шыққан үй ийесине уқсайды.
2 Ол жумысшылар менен күнине бир динар төлеўге келисип, оларды өзиниң жүзим бағына жиберипти.
3 Саат тоғызлар шамасында шығып, базарда жумыссыз турған адамларды көрип,
4 оларға: – Сизлер де мениң жүзим бағыма барыңлар, мен сизлерге тийисли ҳақыларыңызды беремен, – дегенде, олар барыпты.
5 Ол саат он екилер шамасында да, түстен кейин үшлер шамасында да шығып, тағы усылай ислепти.
6 Кешки беслер шамасында да шығып, еле жумыссыз турған басқа адамларды көрип, оларға: «Неге бул жерде күн бойы жумыссыз турсызлар?» – деп сорапты.
7 Олар: «Себеби бизлерди ҳеш ким жаллап алған жоқ», – деп жуўап берипти. Ол: «Сизлер де мениң жүзим бағыма барып, мийнет етиңлер», – депти.
8 Күн кеш болғанда, бағдың ийеси өзиниң басқарыўшы хызметкерине: «Жумысшыларды шақырып алып, мийнет ҳақыларын бер. Ең соңғы келгенлеринен баслап, ең алдыңғы келгенлери менен жуўмақла», – депти.
9 Сонда кешки беслер шамасында келгенлер бир динардан алыпты.
10 Ал ең алды менен келгенлер: «Бизлер көбирек алармыз», – деп ойлапты, бирақ олар да бир динардан алыпты.
11 Ис ҳақыларын алған олар үй ийесине тоңқылдап:
12 «Мына ең соңында келгенлер бир саат ғана жумыс иследи. Ал сиз оларды күни бойы азапланып, ыссыға күйип жумыс ислеген бизлер менен тең еттиңиз», – депти.
13 Бирақ бағдың ийеси жуўап қайтарып, олардың биреўине: «Ҳәй, достым, мен саған әдилсизлик етип турған жоқпан. Сен мениң менен бир динарға келискен жоқ па едиң?
14 Ҳақыңды алып, жөниңе кет. Мен мына соңғы адамға да саған бергенимдей бергим келеди.
15 Мениң өз ақшам менен қәлегенимди ислеўиме ерким жоқ па? Мениң сақыйлығыма иши тарлық қылып турсаң ба?» – депти.
16 Солай етип, соңғылар бириншилер, бириншилер соңғылар болады.
17 Ерусалимге баратырғанда, Ийса жолда он еки шәкиртин аўлақта шақырып алып, оларға:
18 – Минекей, бизлер енди Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер менен диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип,
19 Оны масқаралаў, сабаў, атанақ ағашқа шегелеп таслаў ушын, басқа миллет адамларына услап береди. Бирақ Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
20 Сол ўақытта Зебедейдиң улларының анасы уллары менен Ийсаның қасына келди. Оның аяғына жығылып, бир нәрсе сорамақшы болды.
21 Ийса оннан: – Тилегиң не? – деп сорады. Ҳаял Оған: – Өз патшалығыңда усы еки улымның биреўин оң жағыңа, екиншисин сол жағыңа отырғызыўды ўәде ет, – деди.
22 Ал Ийса жуўап қайтарып: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? – деди. Олар: – Аўа, ише аламыз, – деди.
23 Ийса оларға: – Мениң кесемнен ишесизлер. Бирақ, Өзимниң оң жағым менен сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Әкем кимлерге арнаған болса, солар отырады, – деди.
24 Буны еситкен он шәкирти ағалы-инили екеўине ашыўланып қалды.
25 Бирақ Ийса оларды қасына шақырып алып, былай деди: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер.
26 Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, сол сизлерге хызметши болыўы шәрт.
27 Араңызда ким биринши болғысы келсе, сол сизлерге қул болыўы шәрт.
28 Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын, Өз жанын қурбан етиўге келди.
29 Олар Ерихо қаласынан шыққанда, көп халық Ийсаның изине ерди.
30 Сонда жолдың шетинде отырған еки соқыр адам Ийсаның өтип баратырғанын еситип: – Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – деп бақырысты.
31 Халық үнлерин шығармаўды айтып, оларға кейиди. Бирақ олар оннан да бетер қатты бақырысып: – Ийем, Даўыттың Урпағы! Бизлерге реҳим ете гөр! – дести.
32 Ийса тоқтап, оларды шақырып алды да: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
33 Олар: – Ийем, көзлеримизди ашыўыңды, – деп жуўап берди.
34 Ийса оларға жаны ашып, көзлерине қолын тийгизди. Сол ўақытта-ақ олардың көзлери ашылып, Оның изине ерди.