Матта 3 bob

Шомылдырыўшы Яқыяның Хош Хабарды жәриялаўы (1-12), Ийсаның шомылдырылыўы (13-17).

1 Сол күнлери Шомылдырыўшы Яқыя келип, Яҳудия үлкесиниң шөл даласында:
2 – Тәўбе етиңлер! Өйткени Аспан Патшалығы жақынлап қалды, – деп жәриялады.
3 Ийшая пайғамбар арқалы мынадай деп алдын ала айтылған адам усы Яқыя еди: «Шөл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“»
4 Яқыя түйениң жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, оның аўқаты шегиртке менен жабайы ҳәррениң палы еди.
5 Сол ўақытта Ерусалимниң, пүткил Яҳудия үлкесиниң ҳәм Иорданның пүткил дөгерегиниң турғынлары оған барды
6 ҳәм өзлериниң гүналарын мойынлап, Иордан дәрьясында шомылдырылды.
7 Яқыя өзине көп парисейлер менен саддукейлердиң шомылдырылыўға киятырғанын көрип, оларға: – Ҳәй, уўлы жыланлардың туқымлары! Келешектеги қәҳәрли жазадан қутылыўды сизлерге ким үйретти?
8 Тәўбе еткениңизге ылайық жемис бериңлер!
9 Және: «Бизлердиң ата тегимиз – Ибрайым ата-ғо!» – деп ишлериңизден ойламаңлар. Себеби сизлерге айтатуғыным: Қудай Ибрайымға мына таслардан да балалар жасап бере алады.
10 Тереклердиң тамырында ҳәзирдиң өзинде-ақ балта жатыр. Жақсы мийўе бермейтуғын ҳәр бир терек шабылып, отқа тасланады.
11 Тәўбе еткениңиздиң белгиси ретинде, мен сизлерди суў менен шомылдыраман. Бирақ меннен кейин Келиўши меннен де қүдиретли: мен Оның аяқ кийимин шешиўге де ылайықлы емеспен. Ол сизлерди Мухаддес Руўх ҳәм от пенен шомылдырады.
12 Оның жабасы қолында. Ол Өз қырманын тазалап, бийдайын ғәллеханасына жыйнайды, ал сабанын сөнбес отқа жандырады, – деди.
13 Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди.
14 Бирақ Яқыя Оны иркип: – Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди.
15 Бирақ, Ийса оған жуўап берип: – Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз-ғо, – деди. Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди.
16 Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептердей түсип киятырғанын көрди.
17 Сонда аспаннан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.