Матта 8 bob

Мақаў кесел болып аўырған адамның шыпа табыўы (1-4), Римли жүзбасының исеними (5-13), Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи (14-17), Ийсаға шәкирт болыўдың шәрти (18-22),Ийсаның даўылды тоқтатыўы (23-27), Жин урған еки адамның шыпа табыўы (28-34).

1 Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди.
2 Сонда Оның қасына мақаў кесел адам келип, аяғына жығылды да: – Ийем, егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деди.
3 Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Ол сол ўақытта-ақ мақаў кеселден тазаланып шыпа тапты.
4 Ийса оған: – Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
5 Ийса Капарнаҳумға кирген ўақытта Оның қасына бир римли жүзбасы келип:
6 – Ийем, мениң хызметшим ләң болып, қатты қыйналып үйде жатыр, – деп Оннан жәрдем сорады.
7 Ийса оған: – Мен барып, оған шыпа беремен, – деди.
8 Ал жүзбасы: – Ийем, Сениң шаңарағыма келиўиңе мен ылайықлы емеспен. Тек бир сөз ғана айтсаң, хызметшим жазылып кетеди.
9 Өйткени мен де биреўдиң қол астындағы адамман, өзиме бағынышлы әскерлерим де бар. Олардың биреўине «бар» десем, барады, екиншисине «кел» десем, келеди, қулыма «мынаны исле» десем, ислейди, – деп жуўап қайтарды.
10 Буларды еситкен Ийса таң қалып, изине ерип киятырғанларға: – Сизлерге шынын айтып турман: Мен бундай исенимди Израилда да ушыратпаған едим.
11 Сизлерге айтатуғыным: шығыстан ҳәм батыстан көп адамлар келип, Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен бирге Аспан Патшалығында дастурханлас болады.
12 Ал Патшалықтың мийрасхорлары сыртқы қараңғылыққа шығарып тасланады. Сол жерде олар жылап, пушайман жейди, – деди.
13 Соннан соң, Ийса жүзбасыға: – Бара бер, сениң исенимиңе қарай болсын! – деди. Жүзбасының хызметшиси сол ўақытта-ақ жазылып кетти.
14 Ийса Петрдиң үйине келип, оның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырғанын көрди.
15 Ийса ҳаялдың қолына қолын тийгизгенде, ыссылығы түсти ҳәм ҳаял орнынан турып, Оған хызмет етти.
16 Кеш болғанда, адамлар Ийсаға жин урған көп адамларды алып келди. Ийса олардағы жаўыз руўхларды Өзиниң сөзи менен қуўып шығарып, аўырғанлардың ҳәммесине шыпа берди.
17 Булар Ийшая пайғамбар арқалы айтылған мына сөзлердиң орынланыўы ушын болды: «Ол ҳәлсизликлеримизди Өзине алды, Аўырыўларымызды Өзине жүкледи».
18 Ийса дөгерегине жыйналған көп халықты көргенде, шәкиртлерине теңиздиң арғы жағасына өтиўди буйырды.
19 Сонда бир диний муғаллим келип, Оған: – Устаз, Сен қаяққа барсаң да, мен Саған еремен, – деди.
20 Ийса оған: – Түлкилердиң инлери, аспандағы қуслардың уялары бар. Бирақ Адам Улының бас паналайтуғын орны да жоқ, – деди.
21 Және бир шәкирти Оған: – Ийем, дәслеп барып, әкемди жерлеўиме рухсат ет, – деди.
22 Бирақ Ийса оған: – Маған ер. Өз өлгенлерин жерлеўди өлилерге қалдыр, – деди.
23 Ийса қайыққа мингенде, шәкиртлери де Оның изинен минди.
24 Теңизде тосаттан күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты суўға толтыра баслады. Ал Ийса уйықлап жатыр еди.
25 Сонда шәкиртлери Оған жақынлап келди де, Оны оятып: – Ийем! Бизлерди қутқар, набыт болажақпыз! – деди.
26 Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар, ҳәй, исеними азлар? – деди де, турып самалға ҳәм теңизге тыйым салғанда, аўыр тынышлық орнады.
27 Адамлар таң қалысып: – Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
28 Ийса арғы жағадағы Гадара үлкесине келгенде, қәбирлердиң арасынан киятырған жин урған еки адамды ушыратты. Олар жүдә қәҳәрли болғанлықтан, бул жол менен өтиўге ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди.
29 Олар қышқырысып: – Қудайдың Улы Ийса, Сениң бизлер менен не жумысың бар? Бул жерге бизлерди ўақты келместен бурын азаплаўға келдиң бе? – деди.
30 Олардан алысырақта бир үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди.
31 Жинлер Ийсаға: – Егер бизлерди қуўып шығаратуғын болсаң, шошқалардың падасына жибер, – деп жалынды.
32 Сонда Ийса оларға: – Барыңлар, – деди. Жинлер адамлардан шығып, шошқалардың ишине кирди. Сонда шошқалардың ҳәммеси жуўырысып, тик жағадан теңизге түсти де, суўда набыт болды.
33 Падашылар қашып қалаға барып, бәрин хабарлады ҳәм жин урғанларға не болғанын да айтып берди.
34 Сонда қаланың барлық турғынлары Ийсаның алдына шықты. Олар Оны көргенде, үлкеден шығып кетиўин өтинди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.