Марк 3 bob

Ийсаның қолы ләң адамға шыпа бериўи (1-6), Теңиз жағасындағы халық (7-12),Ийсаның он еки елшисин таңлаўы (13-19), Ийса ҳәм Белзебүл (20-30), Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары (31-35).

1 Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди.
2 Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, дем алыс күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.
3 Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди.
4 Соңынан олардан: – Нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди.
5 Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
6 Бирақ парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың адамлары менен дәрриў тил бириктире баслады.
7 Ийса Өз шәкиртлери менен теңиздиң жағасына шықты. Оған Галиладан көп халық ерип жүрди.
8 Яҳудиядан, Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә көп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди.
9 Халық көп жыйналғанлықтан, Өзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды.
10 Себеби Ол көп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылысты.
11 Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны көргенде, Оның алдына жығылып: – Сен – Қудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди.
12 Бирақ Ол Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди.
13 Ийса таўға шығып, Өзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди.
14 Өзи менен бирге болыў ушын,
15 Қудайдың сөзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады.
16 Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Симон,
17 Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан,
18 Андрей, Филип, Бартоломей, Матта, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Тадей, ўатансүйер Симон
19 ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
20 Соңынан Ийса үйге киргенде, және көп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды.
21 Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын келди. Өйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди.
22 Ерусалимнен келген диний муғаллимлер: – Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.
23 Сонда Ийса оларды Өзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады?
24 Егер бир патшалық өз ишинен бөлинсе, ол қулайды.
25 Бир үй өз ишинен бөлинсе, ол қулайды.
26 Егер шайтан өзине өзи қарсы шығып, өз ара бөлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени.
27 Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай аладығо.
28 Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи.
29 Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады.
30 Ийса бул сөзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты.
31 Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты.
32 Әтирапында отырған аламан Ийсаға: – Сениң анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – дести.
33 Ийса оларға жуўап қайтарып: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
34 әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым!
35 Ким де ким Қудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.