Марк 8 bob

Ийсаның төрт мың адамды тойғызыўы (1-10), Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин талап етиў (11-13), Парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысы (14-21), Ийсаның Бетсайдада соқыр адамға шыпа бериўи (22-26), Петрдиң Ийсаның Масих екенлигин мойынлаўы (27-30), Ийса Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында (31-38)

1 Сол күнлери көп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:
2 – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ.
3 Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген-ғо, – деди.
4 Шәкиртлери Оған жуўап берип: – Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди.
5 Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, – деп жуўап берди.
6 Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Қудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты.
7 Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Қудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды.
8 Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бөлеклерди жыйнап, жети себет толтырды.
9 Ол жерде төрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди
10 ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти.
11 Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап көриў ушын, аспаннан кәраматлы белги көрсетиўин талап етти.
12 Ийса аўыр гүрсинип: – Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги көрсетилмейди, – деди.
13 Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти.
14 Шәкиртлери өзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди.
15 Ийса оларды ескертип: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди.
16 Олар: – Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, өз ара сөйлесе баслады.
17 Ийса буны билип, олардан: – Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин көрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма?
18 Неге көзлериңиз бола тура көрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па?
19 Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Он еки, – деп жуўап берди олар.
20 Ийса және: – Мен жети нанды сындырып, төрт мың адамға бөлистиргенимде, аўысқан бөлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Жети, – деп жуўап берди олар.
21 Ийса оларға: – Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди.
22 Ийса шәкиртлери менен Бетсайдаға келгенде, адамлар Ийсаға бир соқыр адамды әкелип, оған қолын тийгизиўин өтинди.
23 Ийса соқыр адамның қолынан услап, оны аўылдың сыртына алып шықты. Оның көзлерине түкирип, оның үстине қолларын қойды да: – Бир нәрсе көрип турсаң ба? – деп сорады.
24 Ол қарап: – Адамларды көрип турман. Олар жүрип баратырған тереклерге уқсайды, – деди.
25 Сонда Ийса оның көзлерине және қолларын қойғанда, ол тигилип қарады да, шыпа таўып, ҳәммесин анық көре баслады.
26 Ийса оны үйине жиберип, оған: – Аўылға барма! – деди.
27 Ийса Өз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен: – Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады.
28 Олар жуўап берип: – Биреўлер Шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди.
29 Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр жуўап берип: – Сен – Масихсаң, – деди.
30 Сонда Ийса оларға Өзи ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды ескертти.
31 Ийса Адам Улының көп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай өлтирилетуғынын ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады.
32 Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сөйлей баслады.
33 Ийса бурылып, Өзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип: – Жоқ бол көзимнен, шайтан! Сен Қудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
34 Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Өзине шақырып алып: – Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
35 Себеби ким де ким өз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким өз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады.
36 Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ өз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда?
37 Ол өз жаны ушын қандай төлем бере алады?
38 Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сөзлеримнен арланса, Адам Улы да Әкесиниң салтанатында Өзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha • Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
• Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha • Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
• Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.