Марк 4 bob

Туқым себиўши туўралы тымсал (1-9), Тымсалдың мақсети (10-12), Туқым себиўши туўралы тымсалдың түсиндирилиўи (13-25), Өсип турған туқым туўралы тымсал (26-29), Қышқыл туқым туўралы тымсал (30-34), Ийсаның даўылды тоқтатыўы (35-41).

1 Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Әтирапына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды.
2 Ол халыққа тымсаллар менен көп нәрселерди үйретип, былай деди:
3 – Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4 Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Қуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
5 Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты.
6 Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
7 Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти.
8 Ал басқалары өнимли жерге түсип, көгерип өсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти.
9 Қулағы бар жақсылап еситип алсын!
10 Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады.
11 Ийса оларға былай деди: – Қудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады.
12 Солай етип: «Олар қараса да көрмейди, Еситсе де түсинбейди, Қайтып келип, кеширилмейди».
13 Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер?
14 Туқым себиўши Қудайдың сөзин себеди.
15 Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Қудайдың сөзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сөзди алып кетеди.
16 Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди.
17 Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сөз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
18 Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды.
19 Олар сөзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сөзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди.
20 Ал басқалары өнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сөзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
21 Ийса оларға және былай деди: – Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме?
22 Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
23 Еситиўге қулағы бар еситсин!
24 Ийса даўам етип, оларға былай деди: – Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай өлшем менен өлшеп берсеңлер, Қудай да сизлерге сондай өлшем менен өлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди.
25 Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
26 Соң Ийса: – Аспан Патшалығы мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти.
27 Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай көгерип өскенин билмепти.
28 Өйткени жер өз-өзинен зүрәәт береди: дәслеп көк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән өнеди.
29 Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди.
30 Ийса тағы былай деди: – Қудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады?
31 Ол қышқыл туқымға уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады.
32 Бирақ ол себилгеннен соң өсип, шақалары жайылып, барлық шөплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады.
33 Ийса усындай көп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сөз айтты.
34 Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди.
35 Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине: – Теңиздиң арғы жағасына өтейик, – деди.
36 Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди.
37 Сонда күшли даўыл көтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады.
38 Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып: – Устаз! Бизлер өлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди.
39 Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге: – Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды. Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.
40 Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.
41 Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине: – Самалды да, теңизди де Өзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.