Марк 5 bob

Ийсаның жин урған адамға шыпа бериўи (1-20), Тирилген қыз ҳәм шыпа тапқан ҳаял (21-43).

1 Олар теңиздиң арғы жағасындағы Гадара үлкесине келди.
2 Ийса қайықтан түскенде, дәрриў Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты.
3 Бул адам қәбирлер арасында жасап, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап таслай алмаған еди.
4 Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди.
5 Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып, өзин таслар менен жарақатлайтуғын еди.
6 Узақтан Ийсаны көрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып:
7 – Қүдиретли Қудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Қудай ушын өтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды.
8 Өйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди.
9 Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер көппиз, – деди
10 ҳәм өзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин өтинип, Оған қатты жалынды.
11 Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди.
12 Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып: – Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди.
13 Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан теңизге түсти де, батып кетти.
14 Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын көриў ушын келди.
15 Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын көргенде қорқып қалысты.
16 Болған ўақыяны көргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди.
17 Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин өтине баслады.
18 Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған: – Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды.
19 Бирақ Ийса оған рухсат етпей: – Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт көрсеткенин оларға айтып бер, – деди.
20 Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты+.
21 Ийса қайық пенен және арғы жағаға өткенде, әтирапына көп адам жыйналды. Ол жағада турғанда,
22 Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны көрип, аяғына жығылды да:
23 – Кишкене қызым өлим төсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды.
24 Ийса оның менен бирге кетти. Изине көп халық ерип, тығылыстырып жүрди.
25 Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял бар еди.
26 Ол талай шыпакерлерден көп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди.
27 Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның арқа бетинен келди де, кийимине қолын тийгизди.
28 Өйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қол тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.
29 Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди.
30 Сонда Ийса Өзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да: – Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады.
31 Шәкиртлери Оған: – Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын көрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди.
32 Бирақ Ийса буны ким ислегенин көриў ушын, әтирапына қарай баслады.
33 Сонда өзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди.
34 Ийса оған: – Қызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.
35 Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип: – Қызыңыз өлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди.
36 Бирақ Ийса бул сөзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына: – Қорқпа, тек исен, – деди.
37 Ийса Өзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди.
38 Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жыласып турған адамларды көрди.
39 Ийса ишке кирип: – Неге қайғырып, жылап турсызлар? Қыз өлген жоқ, ол тек уйықлап атыр, – деди.
40 Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Өзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бөлмеге кирди.
41 Қыздың қолынан услап, оған: – Талита куми! – деди. Бул: «Қызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди.
42 Қыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады: оның жасы он екиде еди. Буны көргенлер қатты таң қалысты.
43 Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўларын қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.