Елшилер 22 bob

Рим пуқарасы Павел (22-29), Павел жоқарғы кеңес алдында (30).

1 – Туўысқанларым ҳәм ағаларым! Енди сизлерге айтажақ, өзимди ақлаўшы сөзлеримди тыңлаңлар!
2 Павелдиң өзлерине еврейше сөйлегенин еситкенде, олар бурынғыдан бетер тым-тырыс болды. Павел былай деп даўам етти:
3 – Мен яҳудиймен. Киликияның Тарсус қаласында туўылып, усы Ерусалим қаласында өстим. Гамалиелдиң қолы астында атабабаларымыздың нызамы бойынша муқыятлы түрде тәрбияландым. Ҳәзир сизлердиң ҳәммеңиз сыяқлы, мен де Қудайға инталы хызмет еттим.
4 Ийсаның жолы менен жүриўшилерди өлгенше қуўдалап, еркек пе, ҳаял ма деместен, оларды байлап қамаққа салдым.
5 Бас руўханий менен барлық ақсақаллар кеңеси де сөзлеримди тастыйықлай алады. Мен олардан Дамасктағы яҳудийлерге жазылған хат алып, жолға шыққан едим. Мениң мақсетим Ийсаға исенетуғын сол жердеги адамларды да байлап, жазалаў ушын Ерусалимге әкелиў еди.
6 Мен жолға шығып, Дамаскқа жақынлағанымда, түслер шамасында тосаттан аспаннан түскен бир жарық нур әтирапымды жарқыратып жиберди.
7 Мен жерге жығылдым ҳәм бир даўыстың маған: «Саул, Саул! Сен неге Мени қуўдалап атырсаң?» – дегенин еситтим.
8 «Сен кимсең, Ийем?» – деп сорадым мен. Ол маған: «Мен – сен қуўдалап атырған Насыралы Ийсаман» – деди.
9 Мениң жанымдағылар нурды көрсе де, мениң менен Сөйлескенниң сөзлерин түсинбеди
10 «Ийем, не ислеўим керек?» – деп сорадым мен. Ийемиз маған: «Орныңнан турып, Дамаскқа бар. Саған бекитилген ислердиң ҳәммеси сол жерде айтылады», – деди.
11 Жаңағы нурдың салтанатлы жақтысынан көзлерим көрмей қалғанлықтан, жанымдағылар қолымнан услап, мени Дамаскқа жетеклеп апарды.
12 Сол жерде Ханания атлы бир диншил адам бар еди. Ханания сол жердеги барлық яҳудийлер арасында жақсы аты шыққан адам болып, Мухаддес Нызам бойынша жасайтуғын еди.
13 Ол жаныма келип турды да: «Туўысқаным, Саул! Көзлериң көрип кетсин!» – деди. Мениң сол ўақытта-ақ көзлерим ашылып, оны көрдим.
14 Ханания былай деди: «Ата-бабаларымыздың Қудайы Өзиниң еркин билиўиң ушын ҳәм ҳақ Адамды көрип, Оның аўзынан шыққан сести еситиўиң ушын, сени таңлады.
15 Себеби сен көргенлериңди ҳәм еситкенлериңди барлық адамларға жәриялап, Оның гүўасы боласаң.
16 Енди нени күтип отырсаң? Орныңнан турып, суўға шомылдырыл ҳәм Оның атын айтып шақырып, гүналарыңнан тазалан!»
17 Мен Ерусалимге қайтып келип, Ибадатханада дуўа етип отырғанымда, айрықша жағдайға түсип, Ийемизди көрдим.
18 Ол маған: «Тезирек Ерусалимнен кет! Өйткени бул жердеги адамлар сениң Мен туўралы берген гүўалығыңды қабыл етпейди», – деди.
19 Мен Оған былай дедим: «Ийем! Олар мениң мәжилисханамамәжилисхана жүрип, Саған исенетуғынларды қамап, сабағанымды биледи.
20 Және де, Сениң гүўаң Степанның қаны төгилгенде, мен де сол жерде едим. Мен оны өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллап, олардың исин мақуллап турдым».
21 Ийемиз маған: «Бар! Мен сени узаққа, басқа миллетлерге жиберемен», – деди.
22 Адамлар Павелди усы сөзлерине дейин тыңлады. Бирақ соңғы сөзлерди еситкенде: – Бундай адамды жер бетинен қуртыў керек, ол жасаўға ылайықлы емес! – деп даўысларының барынша бақыра баслады.
23 Олар усылай бақырысып, ашыў менен кийимлерин ылақтырып, аспанға шаң-тозаң көтерип турғанда,
24 мыңбасы Павелди әскерий бөлимниң ишине апарыўды буйырды. Халықтың Павелге қарсы не ушын усылай бақырып атырғанын билиў ушын, оны қамшылап, тергеўди тапсырды.
25 Қолларын керип, қайыс пенен байлап атырғанда, Павел сол жерде турған жүзбасыға: – Рим пуқарасын ҳүким етпей турып қамшылаў нызамға туўры келе ме? – деди.
26 Жүзбасы буны еситкенде, мыңбасыға барып хабар берди де: – Не ислейин деп атырсызлар? Бул адам – Рим пуқарасы екен-ғо, – деди.
27 Сонда мыңбасы Павелдиң жанына келип: – Маған айтшы, сен Рим пуқарасымысаң? – деп сорады. – Аўа, – деди Павел.
28 – Мен бул пуқаралыққа көп ақша менен еристим, – деди мыңбасы. – Ал мен Рим пуқарасы болып туўылдым, – деди Павел.
29 Сонда Павелди тергемекши болғанлар дәрҳал жанынан шегинди. Павелди байлатқан мыңбасы да оның Рим пуқарасы екенин билгенде қорқып кетти.
30 Ертеңине мыңбасы яҳудийлердиң Павелди не ушын айыплап атырғанын анық билмекши болғанлықтан, оны кисенлерден босатты да, бас руўханийлер менен пүткил жоқарғы кеңестиң жыйналыўын буйырды. Соңынан Павелди алып келип, олардың алдында турғызып қойды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.