Яқып 2 bob
1 Ҳәй, туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масихқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар.
2 Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе,
3 сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет көрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер,
4 араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма?
5 Қулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Қудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Өзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма?
6 Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди ҳүкимханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе?
7 Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе?
8 Мухаддес Жазыўдағы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй», – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар.
9 Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар.
10 Өйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады.
11 Себеби «Неке ҳадаллығын бузба» , – деген Қудай, «Адам өлтирме», – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам өлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң.
12 Азатлық бериўши нызам бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сөйлеңлер ҳәм ис тутыңлар.
13 Өйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин.
14 Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма?
15 Бир ер ямаса ҳаял туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса,
16 араңыздағы бириңиз оларға: «Аманесен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда?
17 Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де өз-өзинен өли.
18 Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди көрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы көрсетейин», – дейди.
19 Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди көрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы көрсетейин», – дейди.
20 Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе?
21 Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлап, ислери менен ақланбады ма?
22 Көрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты.
23 Солай етип, «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себепли ақланды», – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Қудайдың досты деп аталды.
24 Көрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады.
25 Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Раҳаб та өз ислери менен ақланбады ма?
26 Руўхсыз дене өли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де өли.