Яқып 5 bob

Байларға ескертиў (1-6), Сабырлы болыңлар! (7-12), Исеним менен етилген дуўа (13-20).

1 Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли өкирип жылаңлар!
2 Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген.
3 Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар.
4 Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Қүдиретли Ийемиздиң қулағына жетти.
5 Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйипсапа шектиңлер. Баўызланатуғын күнде өзлериңизди семирттиңлер.
6 Сизлер өзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип өлтирдиңлер.
7 Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Әне, дийхан сабырлық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр.
8 Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Өйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
9 Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур.
10 Ҳәй, туўысқанлар, Қудайдың атынан сөйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлық еткенинен өрнек алыңлар.
11 Сабырлық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Ийемиздиң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли.
12 Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер.
13 Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы көтериңки адам бар ма? Ол Қудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын.
14 Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин.
15 Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи.
16 Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
17 Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады.
18 Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер өним берди.
19 Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса,
20 билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды өлимнен қутқарған ҳәм көп гүналарды жуўған болады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.