2 Петр 3 bob

Ийемиздиң қайтып келетуғын күни ҳаққында (1-18).

1 Сүйикли туўысқанларым, бул мениң сизлерге жазып атырған екинши хатым.
2 Мен еки хатымда да мухаддес пайғамбарлардың алдын ала айтқан сөзлери ҳәм Қутқарыўшы Ийемиздиң елшилери арқалы берген буйрығын еске түсириўиңиз ушын сизлерде пәк ой-пикирлерди оятыўға ҳәрекет еттим.
3 Ең алды менен мынаны билип қойыңлар: дүньяның ақырғы күнлеринде өз жаман қәлеўлерине еретуғын мазақ етиўшилер пайда болады. Олар сизлерди мазақ қылып:
4 «Ийеңиздиң қайтып келемен деген ўәдеси қәне? Ата-бабаларымыз дүньядан өткеннен бери, ҳәмме нәрсе қалай жаратылған болса, еле солай турыпты-ғо», – дейди.
5 Себеби олар Қудайдың сөзи менен аспанның жүдә әййемги ўақытларда бар болғанын ҳәм жердиң суў арқалы суўдан жаратылғанын жортаға билмегендей болады.
6 Сол ески дүнья да усы суў тасқынынан набыт болған еди.
7 Ал ҳәзирги аспан ҳәм жер болса, отта жаныў ушын Қудайдың сол сөзи менен сақланып, қудайсыз адамлардың ҳүким етилип набыт болатуғын күнине шекем қорғалып турыпты.
8 Сүйикли туўысқанларым, бирақ тек мынаны естен шығармаңлар: Ийемиздиң нәзеринде бир күн мың жылдай, мың жыл бир күндей.
9 Айырымлар кешикти деп есаплағандай, Ийемиз ўәдесин орынлаўды кешиктирип атырған жоқ. Керисинше, Ол ҳеш кимниң набыт болыўын қәлемей, ҳәр бир адам тәўбе етсин деп, сизлер ушын сабырлылық пенен күтип турыпты.
10 Деген менен, Ийемиздиң қайтып келетуғын күни уры сыяқлы күтилмегенде келеди. Сол күни аспан уллы гүрсилди менен жоқ болады, аспан денелери жанып кетеди, жер ҳәм жер бетиндеги ҳәр бир нәрсе жанып күлге айланады.
11 Ҳәмме нәрсе усы тәризде жоқ болып кететуғын болса, сизлер қандай адамлар болыўыңыз зәрүр? Сизлер мухаддес болып жасап, Қудайдың жолы менен жүриўиңиз керек.
12 Қудайдың күниниң келиўин сағына күтип, оның келиўин тезлетиўиңиз лазым. Өйткени сол күни аспан жанып жоқ болады, аспан денелери* де күшли ыссыдан ерип кетеди.
13 Бирақ бизлер Қудайдың ўәдеси бойынша ҳақлық орнаған жаңа аспан менен жаңа жерди күтемиз.
14 Сонлықтан, ҳәй сүйикли туўысқанларым, усыларды күтип жүрген екенсиз, Қудайдың алдында кемшиликсиз ҳәм минсиз болыўға бар күшиңиз бенен ҳәрекет етип, тыныш жасаңлар.
15 Сүйикли туўысқанымыз Павелдиң де өзине берилген даналығы менен сизлерге жазғанындай, Ийемиздиң сабырлылығын қутқарылыў пурсаты деп есаплаңлар.
16 Павел барлық хатларында усы ҳаққында сөз етеди. Оның хатларында түсиниўге қыйын болған базы бир жерлер бар. Надан ҳәм тыянақсыз адамлар басқа Мухаддес Жазыўларды бурмалағаны сыяқлы, буларды да бурмалайды. Усы исҳәрекетлери оларды набыт болыўға алып келеди.
17 Солай етип, ҳәй сүйикли туўысқанларым, буларды алдын ала билип қойыңлар, ар-намыссыз адамларға ерип, өзлериңиздиң беккем негизиңизди жойтып қоймаўыңыз ушын сақ болыңлар.
18 Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихтың мийримине бөленип, Оны билиўде өсип барыңлар. Ҳәзир ҳәм мәңгиге Оған даңқ болсын! Аўмийин.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.