Нызамнын кайталаныуы 34 bob

Муўсаның өлими (1-12).

1 Соннан кейин, Муўса ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинен Ерихо қаласына қарсы жайласқан Небо таўына, Писга таўының төбесине шықты. Жаратқан Ийе оған пүткил елди көрсетти: арқадағы Дан қаласына дейин созылған Гилад жерин,
2 пүткил Нафталий жерлерин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлерин, батыстағы теңизге дейин созылған пүткил Яҳуда жерлерин,
3 қубладағы Негебти ҳәм тегисликти. Бул Соар қаласына дейин созылған Пальма қаласы деп аталған Ерихо тегислиги.
4 Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: «Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: „Сениң урпағыңа беремен“ деп ант ишкен ел усы болады. Мине, усы елди көзлериң менен көриўге мүмкиншилик бердим, бирақ сен ол жерге кирмейсең», – деди.
5 Солай етип, Жаратқан Ийениң айтқанындай, Оның қулы Муўса сол Моаб елинде қайтыс болды.
6 Жаратқан Ийе оны Бейт-Пеорға қарама-қарсы жайласқан Моабтағы ойпатлыққа көмди. Муўсаның қәбири қай жерде екенлигин бүгинге дейин ҳеш ким билмейди.
7 Муўса қайтыс болғанда, бир жүз жигирма жаста еди. Деген менен, оның көзи де ҳәлсизленбеген, күш-ғайраты да қайтпаған еди.
8 Израиллылар ойпатлықтың Моабқа тийисли бөлегинде Муўсаны жоқлап отыз күн аза тутты. Кейин Муўса ушын азалаў күнлери тамам болды.
9 Нун улы Ешуа даналық руўхы менен толған еди. Өйткени Муўса өлиминен алдын оған қолларын қойып, оны жолбасшы етип тайынлаған еди. Израиллылар оған қулақ салып, Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларына әмел қылды.
10 Израилда сол күннен бүгинге дейин, Муўсаға уқсаған пайғамбар болмады. Себеби Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз көрисип, сөйлесетуғын еди.
11 Жаратқан Ийе оны Мысырда фараонға, оның хызметкерлерине ҳәм пүткил Мысыр халқына Өз кәрамат ҳәм белгилерин көрсетиў ушын жиберген еди.
12 Муўса пүткил Израил халқының көз алдында қүдиретли, уллы ҳәм қорқынышлы ислер ислеген еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.