Нызамнын кайталаныуы 6 bob
1 «Булар Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге үйретиў ушын маған берген буйрықлары, қағыйдалары ҳәм нызамлары. Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етиў ушын баратырған елде оларға әмел қылың.
2 Мен сизлерге берип атырған барлық қағыйда ҳәм буйрықларға өзлериңиз, балаларыңыз ҳәм балаларыңыздың балалары да әмел қылып, өмириңиздиң ақырына дейин Жаратқан Ийеден қорқып жасаң. Сонда өмириңиз узақ болады.
3 Ҳәй, Израил халқы қулақ салың! Буларды муқыятлы түрде орынлаң. Сонда ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң сизлерге айтқанындай сүт ҳәм пал ағып турған елде өсип-өнип көбейесиз ҳәм абадан турмыс кеширесиз.
4 Ҳәй, Израил халқы, қулақ салың! Қудайымыз Жаратқан Ийе – жалғыз Жаратқан Ийедур.
5 Қудайыңыз Жаратқан Ийени шын жүрегиңиз, жан- тәниңиз ҳәм бар күшиңиз бенен сүйиң.
6 Бүгин мен сизлерге берип атырған бул буйрықларды жүрек төриңизде сақлаң.
7 Буларды балаларыңызға да муқыятлы түрде үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар ҳаққында айтып бериң.
8 Буларды белги қылып, қолларыңызға байлап қойың, маңлайыңызға нышан сыпатында тағып қойың.
9 Үйиңиздеги есигиңиздиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың».
10 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңыз болған Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерге сизлерди алып киреди. Ол сизлерге өзлериңиз қурмаған үлкен ҳәм жақсы қалаларды,
11 өзлериңиз жыйнамаған жақсы мал-мүликлерге толы үйлерди, өзлериңиз мийнет етип қазбаған суў сақлағышларды, өзлериңиз екпеген жүзимзарларды ҳәм зәйтүн бағларын береди. Ол жерде ишип-жеп тоясызлар.
12 Сол ўақытта абайлы болыңлар! Сизлерди Мысырдағы қуллықтан алып шыққан Жаратқан Ийени умытпаңлар.
13 Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Тек ғана Оған хызмет етип, Оның аты менен ант ишиңлер.
14 Басқа қудайларға, дөгерегиңиздеги халықлардың қудайларына ермеңлер.
15 Себеби араңызда болатуғын Қудайыңыз Жаратқан Ийе қызғаншақ Қудайдур. Егер Ол ғәзепленсе, сизлерди жер жүзинен жоқ қылып жибереди.
16 Массада ислегениңиздей*, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сынамаңлар.
17 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларын, сизлерге берген тәртип ҳәм қағыйдаларын биреўин де қалдырмай орынлаңлар.
18 Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс ҳәм жақсы болған ислерди ислеңлер. Сонда сизлер абадан турмыс кеширесиз, Ол ата- бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жақсы жерди мүлик етип аласыз.
19 Жаратқан Ийениң Өзи айтқанындай, Ол сизлердиң барлық душпанларыңызды ол жерден қуўып шығарады.
20 Егер де келешекте балаларыңыз сизлерден: „Қудайымыз Жаратқан Ийе усы тәртиплерди, қағыйдаларды ҳәм нызамларды сизлерге не себептен берди?“ – деп сораса,
21 оларға былай деп айтыңлар: „Бизлер Мысырда фараонның қулы едик. Жаратқан Ийе бизлерди күшли қолы менен ол жерден алып шықты.
22 Ол бизлердиң көз алдымызда Мысырға, фараонға ҳәм олардың шаңарақларына қарсы уллы, қорқынышлы кәраматлар ҳәм белгилер көрсетти.
23 Ол ата-бабаларымызға ант ишип, ўәде қылған жерге бизлерди алып келиў ушын ҳәм ол жерди бизлерге бериў ушын бизлерди Мысырдан алып шықты.
24 Бизлердиң бәрҳа бахытлы өмир сүриўимиз ҳәм бүгингидей тири жүриўимиз ушын, Қудайымыз Жаратқан Ийе усы қағыйдалардың ҳәммесине әмел қылып, Оннан қорқыўымызды буйырды.
25 Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында усы буйрықларды муқыятлы түрде орынласақ, бизлер ҳақ боламыз“».