Нызамнын кайталаныуы 7 bob
1 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди мүлик етип алатуғын жериңизге алып барғанда, көп халықларды – хет, гиргаш, амор, қанан, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сизлердиң алдыңыздан қуўып шығарады. Бул жети халық сизлерден гөре көп ҳәм күшли.
2 Қудайыңыз Жаратқан Ийе бул халықларды сизлерге тәслим еткенде, олардың үстинен жеңиске ерисесиз. Сонда олардың ҳәммесин толығы менен жоқ қылыңлар! Сол халықлар менен келисим дүзбеңлер, оларды аямаңлар.
3 Олар менен қуда- тамыр болып, өз қызларыңызды олардың улларына турмысқа бермеңлер ҳәм олардың қызларын улларыңызға алып бермеңлер.
4 Себеби олар ул- қызларыңызды Жаратқан Ийеден жүз бурдырады ҳәм ул-қызларыңыз басқа қудайларға хызмет ететуғын болады. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, сизлерди сол ўақыттың өзинде жоқ қылып жибереди.
5 Керисинше, ол халықларға мынадай қылыңлар: олардың қурбанлық орынларын бузыңлар, кийели тасларын сындырып таслаңлар, кийели ағашларын шаўып таслаңлар ҳәм бутларын жағып жибериңлер.
6 Өйткени сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мухаддес халқысыз. Жер жүзиндеги барлық халықлардың арасынан Ол сизлерди Өз ғәзийнеси сыпатында таңлап алды.
7 Жаратқан Ийе сизлерди басқа халықлардан көп болғаныңыз ушын сүйип, таңламады. Сизлер басқа барлық халықлардан аз едиңиз.
8 Ал Жаратқан Ийе сизлерди сүйгени ушын ҳәм ата-бабаларыңызға ишкен антын орынлаў ушын сизлерди күшли қолы менен Мысырдағы қуллықтан, Мысыр патшасы фараонның қол астынан азат етти.
9 Солай етип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай екенин билип алыңлар. Ол садық Қудай, Өзин сүйип, буйрықларына әмел қылғанлардың мыңыншы әўладына дейин Өз келисиминде садық қалып, жақсылық қылады.
10 Бирақ Өзин жек көргенлерди болса, екиленбестен жоқ етеди. Аўа, оларды жазалаўға кешикпейди.
11 Соның ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларды, қағыйдаларды ҳәм нызамларды муқыятлы түрде орынлаңлар».
12 «Егер де усы буйрықларға бойсынып, оларды толық орынласаңыз, онда Қудайыңыз Жаратқан Ийе ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлер менен дүзген келисимине садық қалады.
13 Ол сизлерге беремен деп, ата-бабаларыңызға ант ишкен елде сизлерди сүйип, жарылқап, көбейтеди. Сизлердиң урпақларыңызды өнип-өстирип, жериңиздиң зүрәәтин, дән өнимлерин, жаңа шарапты, зәйтүн майын, пада ҳәм сүриўлериңизди мол қылады.
14 Басқа халықлардан гөре, сизлер көп берекетли боласыз. Сизлердиң араңызда нәсилсиз еркек те, бала көтермейтуғын ҳаял да, қысыр мал да болмайды.
15 Жаратқан Ийе сизлерди ҳәр түрли аўырыў-сырқаўлардан сақлайды. Мысырда өзлериңиз көрген қорқынышлы кеселликлердиң ҳеш бирин сизлердиң басыңызға салмайды, ал оларды душпанларыңызға жибереди.
16 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге тәслим қылатуғын халықлардың барлығын қырып таслаңлар, оларды аяп отырмаңлар. Олардың қудайларына табынбаңлар. Өйткени олардың қудайлары сизлер ушын дузақ болады.
17 Сизлер: „Бул халықлар бизлерден гөре жүдә күшли-ғо, оларды қалайынша қуўып шығарамыз?“ – деп ойлап атырған шығарсыз.
18 Бирақ олардан қорқпаңлар. Қудайыңыз Жаратқан Ийениң фараонға ҳәм пүткил Мысыр халқына нелер ислегенин есиңизде сақлаңлар.
19 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерди Мысырдан шығарыў ушын, оларға жиберген уллы апатларын, көрсеткен кәраматларын, таң қаларлық ислерин, күшли ҳәм қүдиретли қолын созғанын өз көзиңиз бенен көрдиңиз. Қудайыңыз Жаратқан Ийе ҳәзир сизлер қорқып атырған усы халықлардың ҳәммесине де солай ислейди.
20 Ҳәттеки, сизлерден жасырынып, аман қалғанларға да ешек ҳәрре* жиберип, оларды өлтиреди.
21 Олардан қорқып, қәўетерге түспеңлер. Сизлердиң араңыздағы Қудайыңыз Жаратқан Ийе уллы ҳәм айбатлы Қудайдур.
22 Ол усы халықларды алдыңыздан аз-аздан қуўады. Сизлер оларды бирден жоқ қыла алмайсыз. Болмаса, әтирапыңызды жабайы ҳайўанлар басып кетеди.
23 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сол халықларды сизлерге тәслим қылады ҳәм олардың ҳәммесин албыраўшылық ишинде қалдырып, жоқ қылады.
24 Олардың патшаларын да сизлерге тәслим қылады. Сизлер олардың атларын жер жүзинен өширип таслайсыз. Ҳеш ким сизлерге қарсы тура алмайды, сизлер ҳәммесин қырып таслайсыз.
25 Олардың қудайларының мүсинлерин жағып жибериңлер. Сол мүсинлер қапланған гүмис ҳәм алтынға қызығып, оларды өзлериңизге алмаңлар. Егер алсаңыз, онда олар сизлерге дузақ болады. Бул мүсинлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге жеркенишлидур.
26 Усы жеркенишли затларды үйиңизге алып бармаңлар, болмаса, олар сыяқлы сизлер де жоқ қылынасыз. Сизлер сол бутларды жек көрип, олардан жеркениўиңиз керек, себеби олар ғарғыстың астында болып, жоқ қылыныўы керек».