1 Коринфлилер 14 bob

Басқа тиллерде сөйлеў сыйы ҳәм пайғамбаршылық айтыў сыйы ҳаққында (1-25), Жәмәәт жыйналысындағы тәртип ҳаққында (26-40).

1 Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳәм руўхый сыйларды, әсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар.
2 Себеби басқа тилде сөйлеген адам адамларға емес, ал Қудайға сөйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады.
3 Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳәм руўхландырыў ушын сөйлейди.
4 Басқа тилде сөйлеген адам өзин өзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жәмәәтин беккемлейди.
5 Мен сизлердиң ҳәммеңиздиң басқа тиллерде сөйлеўиңизди қәлеймен. Бирақ оннан гөре, пайғамбаршылық айтыўыңызды көбирек қәлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сөйлеген адамнан артығырақ.
6 Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сөйлесем, бирақ сизлерге я Қудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сөзин, я тәлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди?
7 Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нәрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди?
8 Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
9 Егер кәрнай урыстың басланғанын жәриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
10 Дүньяда түрлитүрли тиллер бар ҳәм олардың ҳәр бир сөзи өз мәнисине ийе.
11 Деген менен, егер мен өзиме айтылған сөзди түсинбесем, сөйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сөйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады.
12 Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жәмәәтин беккемлейтуғын сыйларды көбирек алыўға тырысыңлар.
13 Сонлықтан ким де ким басқа тилде сөйлейтуғын болса, ол өзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин.
14 Өйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен.
15 Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек.
16 Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди?
17 Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды.
18 Қудайға шүкир, мен ҳәммеңизден гөре, басқа тиллерде көбирек сөйлеймен.
19 Деген менен, исениўшилер жәмәәтинде басқа тилде он мың сөз айтқанымнан гөре, басқаларға тәлим бериўим ушын түсиникли бес сөз айтқаным абзалырақ.
20 Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гөдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар.
21 Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сөйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сөйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“» .
22 Солай етип, басқа тиллерде сөйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады.
23 Егер пүткил исениўшилер жәмәәти бир жерге жыйналып, ҳәммеси бирликте басқа тиллерде сөйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме?
24 Бирақ, ҳәмме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳәмме тәрепинен оның гүнасы әшкара етилип, ол ҳәмме тәрепинен ҳүким қылынады.
25 Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нәрселер ашылып қалады ҳәм ол жерге жығылып: «Қудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Қудайға сыйынады.
26 Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тәлим бересиз, бириңиз Қудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сөйлейсиз ҳәм және бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳәммеси исениўшилер жәмәәтиниң беккемлениўи ушын исленсин.
27 Басқа тилде сөйлегениңизде, еки ямаса ең көп дегенде үш адам сөйлесин, бирақ олар гезек пенен сөйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин.
28 Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сөйлейтуғын адам жәмәәтте үндемесин, ал өзи жалғыз қалғанда өзи ушын Қудайға сөйлесин.
29 Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сөйлесин, ал басқалар олардың айтқан сөзлерин тексерип көрсин.
30 Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Қудайдан аян берилсе, сөйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын.
31 Жәмәәттеги ҳәр бир адамды үйретип, ҳәр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳәммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады.
32 Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тәрепинен басқарылады.
33 Себеби Қудай тәртипсизлик Қудайы емес, ал тынышлық Қудайы. Барлық исениўшилердиң жәмәәтлеринде болғаны сыяқлы,
34 сизлердиң жәмәәтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сөйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек.
35 Егер олар бир нәрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Өйткени ҳаялдың жәмәәт жыйналысында сөйлегени айып болады.
36 Қудайдың сөзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма?
37 Егер ким де ким өзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сөзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин.
38 Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның өзи де қабыл алынбайды.
39 Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сөйлеўге тосқынлық жасамаңлар.
40 Бирақ, ҳәммеси де әдеп ҳәм тәртип пенен исленсин.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.