1 Коринфлилер 16 bob

Мүтәжликте жасап атырған исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында (1-4), Павелдиң жобалары (5-12), Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары (13-18), Соңғы сәлемнама (19-24).

1 Енди исениўшилерге берилетуғын ақшалай жәрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жәмәәтлерге тапсырғанымдай ислеңлер.
2 Ҳәр екшемби күни ҳәр бириңиз өз жағдайына қарап, ақшаны бөлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зәрүрлиги болмайды.
3 Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы көрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен.
4 Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди.
5 Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен.
6 Қасыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳәтте, сизлер менен қысты да бирге өткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жәрдем етерсиз.
7 Мен бул сапары сизлерди жол-жөнекей көрип кетиўди қәлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен.
8 Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына дейин қалажақпан.
9 Өйткени бул жерде өнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да көп.
10 Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қәўипсиз жүриўи ушын көз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди.
11 Сонлықтан оны ҳеш ким пәс көрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Өйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман.
12 Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан көп өтинген едим. Бирақ, ол ҳәзир сизлерге барыўды ҳеш қәлемей атыр. Қолайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады.
13 Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мәрт ҳәм жигерли болыңлар.
14 Ҳәр бир нәрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер.
15 Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳәм өзлерин исениўшилердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден өтиниш, туўысқанларым:
16 сизлер де усындай адамларға ҳәм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳәммесине бойсыныңлар.
17 Мен Степанның, Фортунатустың ҳәм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды.
18 Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да көтерди. Бундай адамлардың қәдирин билиңлер.
19 Азия үлкесиндеги жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳәм олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге көп-көп сәлем айтып атыр.
20 Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сәлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер.
21 Мен, Павел, бул сәлемнаманы өз қолым менен жазып атырман.
22 Ийемизди сүймейтуғын адамға нәлет болсын! О Ийемиз, келегөр!
23 Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
24 Мен сизлердиң ҳәммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.