1 Коринфлилер 5 bob

Бузықшылық ислегенге шара көриў ҳаққында (1-13).

1 Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳәтте, Қудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз әкесиниң ҳаялы, яғный өгей анасы менен жасайтуғын қусайды.
2 Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди?
3 Мениң өзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан өзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым.
4 Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады.
5 Сонда бул адамның гүнакар тәбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жәмәәттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың.
6 Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме?
7 Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Өйткени Қутқарылыў байрамының Қозысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди.
8 Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳәм жаманлық пенен емес, ал пәклик ҳәм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық.
9 Мен өз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим.
10 Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нәпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нәзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мәжбүр болар едиңлер!
11 Бирақ, өзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нәпсиқаў, бутпараз, жалахор, мәскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳәтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим.
12 Исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жәмәәтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек.
13 Ал исениўшилер жәмәәтиниң сыртындағы адамларды Қудайдың Өзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар» .


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.