1 Коринфлилер 9 bob

ЕлшинБасқа елшилер сыяқлы, мен ҳәм Барнаба да күн көриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо+.иң ҳуқықлары (11-27).

1 Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны көрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе?
2 Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Өйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дәлилисизлер.
3 Мени сынға алып атырғанлардан өзимди былай қорғайман:
4 сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишипжеўимизге ҳақымыз бар-ғо.
5 Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳәм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо.
6 Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳәм Барнаба да күн көриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо.
7 Ким өз есабынан әскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди?
8 Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па?
9 Онда: «Түйек айдаған өгиздиң аўзын буўма» , – деп жазылғанғо. Қудай тек өгизлерди қайғырады ма?
10 Қудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, әлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да өз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди.
11 Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба?
12 Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да көбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳәмме нәрсеге шыдап атырмыз.
13 Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мәлим, қурбанлық шалынатуғын орын әтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нәрселерден өз үлесин алады.
14 Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жәриялаўшылар усы хызмети арқалы күн көрсин деп буйырған.
15 Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гөре, өлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман!
16 Деген менен, Хош Хабарды жәриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жәрияламасам, мен ҳәсирет шегемен!
17 Егер мен Хош Хабарды өз ықтыярым менен жәриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны өз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам,
18 онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жәриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жәриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады.
19 Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, көп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳәммениң қулы болдым.
20 Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, өзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым.
21 Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Қудайдың Нызамына жат адам емеспен, өйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман.
22 Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳәммеге ҳәмме нәрсе болдым.
23 Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳәммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман.
24 Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар.
25 Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз.
26 Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман.
27 Ал, басқаларға Хош Хабарды жәриялап, өзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, өзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.