2 Коринфлилер 2 bob

Гүна ислеген адамды кешириў ҳаққында (5-11), Жаңа Келисимниң хызметшилери (12-17).

1 Солай етип, сизлерди және қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим.
2 Өйткени егер мен сизлерди және қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Өзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди көтереди? Әлбетте, ҳеш ким!
3 Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳәммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим.
4 Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, көз жасларымды төгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди.
5 Егер араңызда бир адам* басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дәрежеде сизлердиң ҳәммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан.
6 Бул адамға сизлердеги көпшилик тәрепинен берилген жаза жетерли болады.
7 Солай етип, ол ҳәдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады.
8 Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеўиңизди өтиниш етемен.
9 Ҳәр бир исте сөзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим.
10 Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масих алдында кеширдим.
11 Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пәнт бериўине жол қоймайық. Өйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз.
12 Мен Масихтың Хош Хабарын жәриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған көп мүмкиншилик берген еди.
13 Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим.
14 Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бәрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳәм бизлер арқалы ҳәмме жерде Масих ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады.
15 Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масихтың Қудайға бағышлаған хош ийисимиз.
16 Бизлер Хош Хабарды жәриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын өлимге апаратуғын өлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын өмир беретуғын өмир ийисимиз. Бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ!
17 Өйткени өз пайдасы ушын Қудайдың сөзин сатып беретуғын көп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Қудай тәрепинен жиберилген ҳәм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Қудай алдында ҳақ кеўил менен жәриялаймыз.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.