Филиплилер 3 bob
1 Туўысқанларым, жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып қуўаныңлар. Сизлерге бирдей нәрселерди қайталап жазыў мени зериктирмейди, және де бул сизлер ушын зыянсыз.
2 Ийттей болған жалған муғаллимлерден, жаманлық ислеўшилерден, қутқарылыў ушын сүннет етилиў тийис, деўшилерден сақ болыңлар!
3 Өйткени бизлер – руўхый сүннет етилген Қудайдың халқымыз. Бизлер Қудайға Оның Руўхы арқалы сыйынамыз, Масих Ийса менен мақтанып, өз шығысымызға ҳәм ерискен нәрселеримизге сүйенбеймиз.
4 Негизинде мен оларға сүйене алар едим. Егер басқа биреў өз шығысыма ҳәм ерискен нәрселериме сүйениўге дәлилим бар деп ойласа, меники оныкинен де көбирек:
5 мен сегиз күнлик ўақтымда сүннет етилдим. Израил халқынан, Бенамин урыўынан болған нағыз яҳудиймен. Диний нызам бойынша парисеймен.
6 Диний инта бойынша исениўшилер жәмәәтин қуўдалаған ҳәм диний нызам талап еткен ҳақлық бойынша кемшиликсиз адам едим.
7 Бирақ, бир ўақытлары әҳмийетли деп билген бул нәрселеримди енди Масих ушын пайдасыз деп есаплайман.
8 Аўа, мен ҳәмме нәрсени Ийем Масих Ийсаны билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп санайман. Және де, мен Масих ушын ҳәмме нәрседен бас тарттым ҳәм Оған ерисип, Оның менен бирге болыў ушын, ҳәммесин сыпырынды деп есаплайман.
9 Енди Мухаддес Нызамды орынлаўым арқалы алатуғын өз ҳақлығыма емес, ал Масихқа деген исеним арқалы берилетуғын, яғный Қудайдың исенимимизге қарай беретуғын ҳақлығына ийемен.
10 Қәне енди, Масихтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам.
11 Солай етип, түбинде өлимнен қайта тирилиўге ериссем.
12 Мен буларға әлле қашан ерискеним ямаса жетискеним ушын айтып атырған жоқпан. Ал, Масих мени қандай мақсет ушын таңлап алған болса, мен сол мақсетке жетиўге тырысып атырман.
13 Туўысқанлар, мен өзимди усы мақсетке жеттим деп есапламайман. Тек ғана изде қалғанларды естен шығарып, алдындағыларға умтылып атырман.
14 Қудайдың сыйына, Оның Масих Ийса арқалы шақырған аспандағы өмирине ерисиў ушын, мен белгиленген мақсетке жетиўге тырысып атырман.
15 Солай етип, арамыздағы исеними жетискен адамлардың ҳәммеси усы ой-пикирге ийе болсын. Егер сизлер басқаша ойлайтуғын болсаңыз, Қудай сизлерге буны да ашып береди.
16 Тек ерискен ҳақыйқатымыз бойынша өмир сүрейик.
17 Туўысқанларым, ҳәммеңиз бирликте меннен өрнек алыңлар. Бизлердиң сизлерге көрсеткен өрнегимиз бойынша жасап атырғанларға дыққат аўдарып, олардан үлги алыңлар.
18 Сизлерге көп мәрте айтқанымдай, ҳәзир де көз жасларымды төгип тәкирарлап атырман: көп адамлар Масихтың атанақ ағаштағы қурбанлығын қабыл етпей, Оның душпаны болып жасамақта.
19 Бундайлардың тәғдирине набыт болыў жазылған болып, олардың қудайы – өз қулқыны. Олар уятсыз қылықлары менен мақтанып, тек бул дүньяның қызығын ғана ойлайды.
20 Бирақ, бизиң ўатанымыз аспанда. Бизлер сол жерден Қутқарыўшымыз болған Ийемиз Ийса Масихтың келиўин күтпектемиз.
21 Ҳәмме нәрсени бойсындыра алатуғын қүдирети менен, Ол бизлердиң ҳәлсиз ҳәм өткинши денемизди өзгертип, Өзиниң уллы денесине уқсатады.