1 Салоникалылар 4 bob
1 Енди болса, туўысқанлар, Қудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳәзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте және де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден өтиниш етип сораймыз.
2 Өйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди өзлериңиз билесизлер.
3 Қудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди,
4 ҳәр бириңиздиң өз денесин қәдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын
5 ҳәм Қудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қәлеўлерге берилмеўин қәлейди.
6 Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳәм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды.
7 Себеби Қудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды.
8 Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Қудайды қабыл алмаған болады.
9 Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нәрсе жазыўына ҳәжет жоқ. Өйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Қудайдан үйрендиңлер.
10 Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳәммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте және де алға илгерилеўиңизди сизлерден өтиниш етемиз.
11 Және де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш өмир сүриўди, өз исиңизге кеўил бөлиўди ҳәм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар.
12 Солай етип, сизлер жәмәәттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетли өмир сүресизлер ҳәм ҳеш кимнен ғәрезли болмайсызлар.
13 Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан көз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз.
14 Себеби бизлер Ийсаның өлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан көз жумғанларды Қудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз.
15 Ийемиздиң сөзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳәзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан көз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз.
16 Өйткени Ийемиздиң Өзи буйырған бәлент даўыс, бас периштениң сести ҳәм Қудайдың кәрнайы менен аспаннан келгенде, дәслеп Масихқа исенген өлилер тириледи.
17 Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып көтерилемиз. Солай етип, ҳәмме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз.
18 Мине, усы сөзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар.