1 Салоникалылар 5 bob
1 Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳәм мәўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ.
2 Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер.
3 Адамлар: «Ҳәммеси тыныш ҳәм қәўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды.
4 Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды.
5 Сизлердиң ҳәммеңиз нурдың ҳәм күндиздиң балаларысыз. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз.
6 Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ояў ҳәм сергек болайық.
7 Өйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мәс болатуғынлар да түнде мәс болады.
8 Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳәм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик.
9 Себеби Қудай бизлерди Өзиниң ғәзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масих арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады.
10 Тири болсақ та, өли болсақ та, бизлерди Өзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масих бизлер ушын өлди.
11 Сонлықтан ҳәзир ислеп атырғаныңыздай, бирбириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер.
12 Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нәсият бергенлердиң қәдирин билиўиңизди сизлерден өтиниш етемиз.
13 Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Өз ара татыў жасаңлар.
14 Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жәрдем берип, ҳәммеге сабырлы болыңлар.
15 Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳәмме ўақытта бир-бириңизге ҳәм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар.
16 Бәрқулла қуўаныңлар.
17 Тынбай дуўа етиңлер.
18 Қандай аўҳал болса да, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Өйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар.
19 Мухаддес Руўхтың исин тоқтатпаңлар.
20 Пайғамбаршылық сөзлерин кемситпеңлер.
21 Бирақ, ҳәмме нәрсени сынап көриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар.
22 Ҳәр қандай жаманлықтан қашыңлар.
23 Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳәм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын.
24 Сизлерди шақырған Қудай садық, Ол усыны әмелге асырады.
25 Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер.
26 Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сәлем айтыңлар.
27 Бул хаттың ҳәмме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман.
28 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!