Титус 3 bob

Ийгиликли ислерди ислеўге таяр болыў ҳаққында (1-11), Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер (12-15).

1 Басшыларға ҳәм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳәр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды,
2 ҳеш кимди өсек қылмай ҳәм жәнжелкеш болмай, мүләйим болып, ҳәмме адамларға ҳәр тәреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой.
3 Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳәр түрли жаман ҳәўеслер менен ҳәзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳәм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳәм бизлер де бир-биримизди жек көрген адамлар едик.
4 Бирақ, Қутқарыўшымыз Қудай Өз мийримин ҳәм адамға деген сүйиспеншилигин ашық көрсеткенде,
5 Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады.
6 Оның мийрими менен ақланып, өзлеримиз үмит еткен мәңгилик өмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын,
7 Ол Мухаддес Руўхын Қутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды.
8 ул сөз – ҳақыйқат. Қудайға исенгенлердиң өзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қәлеймен. Булар – адамлар ушын жақсы ҳәм пайдалы.
9 Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сөзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳәм жәнжеллерден қаш. Өйткени булар пайдасыз ҳәм бийкар нәрселер+
10 Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз.
11 Бундай адамның бузылғанын ҳәм өз-өзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең.
12 Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дәрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде өткизиўге қарар еттим.
13 Нызам хызметкери Зенас пенен Аполосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нәрсеге мүтәж болмаўы ушын ғамхорлық жаса.
14 Мүтәж адамларға жәрдем бериў ушын ҳәм жемиссиз өмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге өзлерин бағышлаўды үйренсин.
15 Мениң жанымдағылардың ҳәммеси саған сәлем айтып атыр. Ортақ исенимдеги бизлерди сүйетуғынларға сәлем айт. Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.