Еврейлер 1 bob

Қудай Өз Улы Ийса арқалы сөйледи (1-3), Қудайдың Улы Ийса периштелерден уллы (4-14).

1 Қудай әййемги заманларда пайғамбарлар арқалы көп мәртебе ҳәм ҳәр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сөйлеген еди.
2 Ал бул соңғы ўақытларда болса, Қудай бизлерге Өз Улы Ийса арқалы сөйледи. Қудай Өз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди.
3 Қудайдың Улы – Қудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Қудайдың тәбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин көрсетеди. Ул Өзиниң қүдиретли сөзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Өзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Қудайдың оң тәрепине отырды.
4 Қудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады.
5 Өйткени Қудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым» . Және де: «Мен Оған Әке боламан, Ол Маған Ул болады» , – деген еди?
6 Және де, Қудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған табынсын» .
7 Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Қудай Өз периштелерин самалдай, Хызметшилерин оттың жалынындай қылады» .
8 Бирақ, Қудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «О Қудай, Сениң тахтың мәңги турады, Патшалық бийлигиң – әдил бийлик .
9 Сен ҳақлықты сүйип, нызамсызлықты жек көрдиң. Сонлықтан Қудай, Сениң Қудайың, Сени хызметке тайынлап, Саған жолдасларыңа қарағанда, Даңқ ҳәм қуўанышты көбирек берди» .
10 Және де, былай дейди: «О Ийемиз, Әўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң. Аспанды да Сениң қолларың жаратқан.
11 Жер ҳәм аспан жоқ болып кетеди, бирақ Сен мәңгиге барсаң. Олардың ҳәммеси де кийимдей тозып қалады.
12 Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң, Олар кийим сыяқлы өзгертиледи. Бирақ, Сен ҳеш қашан өзгермейсең, Өмир жылларың да тамам болмайды» .
13 Қудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяқларыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр» , –демеген.
14 Ақыры периштелердиң ҳәммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар-ғо.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.