Еврейлер 11 bob
1 Исеним – бул үмит етилген нәрселердиң әмелге асатуғынына ҳәм көринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў.
2 Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Қудай тәрепинен хошаметленди.
3 Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Қудайдың сөзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, көринбейтуғын нәрселерден көринетуғын нәрселер пайда болған.
4 Исеними себепли, Абыл Қудайға Каиннан гөре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ақланған адам деп саналып, Қудай тәрепинен хошаметленди. Өйткени Қудай оның берген садақаларын қабыл етти. Абыл өлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте.
5 Исеними себепли, Енок өлим көрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Қудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Қудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди.
6 Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис.
7 Исеними себепли, Нух еле болмаған нәрселер туўралы Қудай тәрепинен ескертилгенде, Қудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳәм исеними себепли ақланыўға еристи.
8 Исеними себепли, Ибрайым ўәде етилген елге кетиў ушын шақырылғанда, Қудайдың сөзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты.
9 Ибрайым ўәде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Өзи менен бирдей ўәдеге шерик болған Ысақ ҳәм Яқып пенен, ол шатырларда өмир кеширди.
10 Себеби ол дөретиўшиси де, қурыўшысы да Қудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди.
11 Исеними себепли, Сараның нәсилсиз болыўына ҳәм өзиниң жасы өткенине қарамай, Ибрайым әке болыў мүмкиншилигине еристи. Өйткени ол ўәде еткен Қудайдың садық екенине исенди.
12 Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нәсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз әўладлар пайда болды.
13 Алдын айтылған бул адамлардың ҳәммеси де өмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўәде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан көрип қуўанды. Олар өзлериниң жер жүзинде жат ҳәм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады.
14 Усылай сөйлеген адамлар өз ўатанын излеп жүргенин көрсетеди.
15 Егер олар өзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди.
16 Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды әрман ететуғын еди. Сол себептен Қудай олардың Қудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты.
17 Ибрайым сыналғанда, исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Қудай Ибрайымға:
18 «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди» , – деген ўәдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды.
19 Өйткени Ибрайым Қудай өлилерди де тирилте алады, деп исенди. Астарлап айтқанда, ол Ысақты өлимнен қайтарып алды.
20 Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нәрселерди болжап, уллары Яқып ҳәм Исабқа пәтиясын берди.
21 Яқып өлеринен алдын исеними себепли, Юсуптың еки улына бирме-бир пәтиясын берди ҳәм ҳасасының ушына сүйенип, Қудайға сыйынды.
22 Юсуп өлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳәм оларға кетеринде өзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды.
23 уўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың айрықша екенин көрди ҳәм патшаның пәрманынан қорқпады.
24 Муўса ержеткенде, исеними себепли, Фараонның қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти.
25 Ол ўақытша гүнакар өмирдиң кәйип-сапасын сүриўдиң орнына, Қудайдың халқы менен бирге жәбир шегиўди таңлады.
26 Масих себепли хорланыўды Мысырдың ғәзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Өйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди.
27 Исеними себепли, ол патшаның қәҳәринен қорқпай, Мысырды таслап кетти. Көринбейтуғын Қудайды көргендей, ол мәрт еди.
28 Туңғышларды набыт қылған периште израиллыларға қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Қутқарылыў байрамының қурбанлығының шалыныўын ҳәм оның қанының қапыларға себилиўин буйырды.
29 Исеними себепли, израиллылар Қызыл теңизди қурғақ жерден өткендей кешип өтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳәрекет еткенде, суўға батып кетти.
30 Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының әтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады.
31 Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Раҳаб та Қудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге өлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлик пенен қабыл алған еди.
32 Және не айтайын? Гедеон, Барак, Самсон, Еффа, Даўыт, Самуел ҳәм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди.
33 Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, әдиллик орнатты, ўәде етилген нәрселерди алды ҳәм арысланлардың аўызларын тосып қойды.
34 Лаўлаған отты сөндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳәлсирегенде Қудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳәм жаў әскерлерин қыйратты.
35 Исеними себепли, ҳаяллар өз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳәм азапланып өлтирилди.
36 Және гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳәтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды.
37 Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бөлинди, қылыштан өткерилип өлтирилди. Қой ҳәм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳәм хорлық көрди.
38 Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шөллерди, таўларды, үңгирлерди ҳәм төлелерди гезип себил болды.
39 Олардың ҳәммеси де исеними себепли Қудай тәрепинен хошаметленген болса да, ўәде етилгенди алмады.
40 Өйткени Қудай бизлер ушын буннан да жақсырақ нәрсени таярлап қойғанлықтан, олар бизлерсиз минсизликке ериспеди.



































