Еврейлер 10 bob

Масих – соңғы қурбанлық (1-18), Исенимде беккем турып, сабырлы болыңлар! (19-39).

1 Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нәрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал көлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳәр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Қудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пәклей алмайды.
2 Егер толық пәклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Өйткени сыйыныўшылар бир мәртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди.
3 Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди.
4 Себеби өгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды.
5 Сол себептен Масих дүньяға келип, Қудайға былай деген еди: «Қурбанлық пенен садақаны Сен қәлемедиң, Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың.
6 Жағылған садақаларды Ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен хош көрмедиң.
7 Сонда Мен былай дедим: „Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай, О Қудай, Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мине, Мен келдим“» .
8 Төмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Қурбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳәм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қәлемедиң ҳәм оларды хош көрмедиң», – деген еди.
9 Соңынан Масих: «Сениң қәлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти.
10 Қудайдың усы қәлеўи бойынша, Ийса Масих Өз денесин биринши ҳәм соңғы мәртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық.
11 Ҳәр бир руўханий ҳәр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды.
12 Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мәңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Қудайдың оң тәрепине отырды.
13 Ол сол ўақытлардан бери, Өз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте.
14 Өйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мәңгиликке минсиз қылды.
15 Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Әўели Ол былай деген:
16 «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң, Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың жүреклерине салып, Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“» .
17 Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳәм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман» .
18 Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.