Еврейлер 3 bob

Ийса Муўсадан уллы (1-6), Исенбеўшилик ҳаққында ескертиў (7-19).

1 Солай етип, бизлер менен бирге Қудай тәрепинен шақырылған, ҳәй мухаддес туўысқанларым, Қудайдың елшиси ҳәм бас руўханийи, деп өзлеримиз ашық тән алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар!
2 Муўса Қудайдың пүткил шаңарағында Қудайға садық болғанындай, Ийса да Өзин хызметке қойған Қудайға садық болды.
3 Үйди салған үйдиң өзинен гөре көбирек ҳүрмет көргени сыяқлы, Ийса да Муўсадан гөре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды.
4 Ҳәр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Қудай пүткил барлықтың жаратыўшысы.
5 Муўса келешекте айтылатуғын сөзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Қудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды.
6 Бирақ, Масих Қудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер өзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳәм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз.
7 Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңиз,
8 Шөлдеги сынақ ўақтында қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай, Қайсарлық етпеңлер.
9 Олар сол жерде қырық жыл бойы Мениң ислеримди көрген болса да, Мени сынай берди.
10 Сонлықтан Мен сол әўладқа ғәзепленип былай дедим: „Олардың жүрек қәлеўлери бәрқулла туўры емес, Олар Мениң жолларымды билмеди“.
11 Және де, Мен қәҳәрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим» .
12 Ҳәй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Қудайдан безип кетиўден сақ болыңлар!
13 Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳәр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бирбириңизди жигерлендирип барыңлар.
14 Өйткени егер бизлер дәслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масихқа тийисли болған ҳәмме нәрсеге шериклес боламыз.
15 Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Қудайдың даўысын еситсеңлер, Оған қарсы қозғалаң көтерген ата-бабаларыңыздай, Қайсарлық етпеңлер» .
16 Қудайдың сөзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң көтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳәммеси емес пе еди?
17 Қудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шөлде қалғанларға емес пе?
18 Қудай кимлерге: «Мениң дем алыў ушын беретуғын мәканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Өзине бойсынбағанларға емес пе?
19 Солай етип, көрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.