Еврейлер 5 bob

Исенимнен қайтпаў ҳаққында ескертиў (11-14).

1 Ҳәр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳәм ол Қудайға байланыслы ислерде адамлардың ўәкили болып, олардың гүналары ушын Қудайға садақа ҳәм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады.
2 Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүләйимлилик пенен қатнас жасай алады. Өйткени оның өзиниң де ҳәлсиз жерлери бар.
3 Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал өзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шәрт.
4 Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мәртебесине өзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Қудай тәрепинен шақырылса ғана ерисе алады.
5 Сол сыяқлы, Масих та бас руўханий болыў мәртебесине ийе болыў ушын, Өзин Өзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Әке болдым» , – деген Қудайдың Өзи Оны усы мәртебеге еристирди.
6 Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Қудай Оған былай деген: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мәңгиге руўханийсең» .
7 Масих жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Өзин өлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Қудайға бәлент даўыс пенен нала етип, көз жасларын төгип, дуўа етип жалбарынды. Ол Қудайға бойсынғанлықтан, Қудай Оны еситти.
8 Ол Қудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди.
9 Масих усы тәризде минсизликке ерисип, Өзине бойсынатуғынлардың ҳәммеси ушын мәңгилик қутқарылыўға жол ашты
10 ҳәм Ол Қудай тәрепинен Мелхиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды.
11 Мелхиседек ҳаққында айтажақ көп сөзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады.
12 Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Қудайдың сөзлериниң дәслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтәжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек!
13 Сүт пенен азықланатуғын ҳәр бир адам гөдек, яғный ҳақыйқатлық сөзи бойынша жасаўда тәжирийбесиз адам болғаны.
14 Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный өмирдеги тәжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.