Еврейлер 6 bob

Қудайдың өзгермейтуғын ўәдеси (13_20).

1 Сонлықтан Масих ҳаққында басланғыш тәлийматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетисип барайық. Өлимге жетелеўши ислер ушын тәўбе етиўден, Қудайға исениўден,
2 суўға шомылдырыў ҳаққында қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, өлилердиң тирилиўинен ҳәм мәңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тәлийматтың тийкарларын қайтадан салмайық.
3 Егер Қудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетисип барамыз.
4 Бир мәртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Қудайдың сыйының дәмин татқан ҳәм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды,
5 Қудайдың сөзиниң жақсы екенин ҳәм келешектиң қүдиретли ислерин өмирлеринде көрип болып,
6 исенимнен қайтқанларды дүзетип тәўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Қудайдың Улын өзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады.
7 Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳәм өзинде ислегенлерге пайдалы зүрәәт берген жерди Қудай жарылқайды.
8 Бирақ, шеңгел ҳәм жантақ өсирген жер жарамсыз болып, көп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳәм ақыры жандырылып жибериледи.
9 Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де көбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кәмил.
10 Өйткени Қудай әдалатсыз емес: Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳәм исениўшилерге қылған ҳәм қылып атырған хызметиңиз арқалы Өзине көрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды.
11 Ҳәр бириңиздиң үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды әрман етемиз.
12 Және де ериншек болмай, Қудай тәрепинен ўәде етилгенлерди исеним ҳәм сабырлылық пенен алғанлардан өрнек алыўыңызды қәлеймиз.
13 Қудай Ибрайымға ўәде бергенде, Өзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Өзиниң аты менен ант ишип,
14 былай деген еди: «Сени үсти-үстине жарылқайман, Урпақларыңды сансыз қылып көбейтемен» .
15 Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўәде етилгенди алды.
16 Адамлар өзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сөзлерди тастыйықлап, ҳәр бир тартысты тоқтатады.
17 Сол сыяқлы, Қудай да Өз еркиниң өзгермейтуғынын ўәдени алғанларға ашық көрсетпекши болып, ўәдесин ант пенен тастыйықлады.
18 Солай етип, усы еки нәрсе, яғный ўәде ҳәм ант өзгермейди. Себеби Қудай оларды айтқанда өтирик сөйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан өзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Қудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз.
19 Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң көшкиси сыяқлы исенимли ҳәм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тәрепине өткизеди.
20 Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелхиседек сыяқлы мәңгиге бас руўханий болды.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.